Ҳүжжетте денсаўлықты сақлаў системалары ҳәм медицина хызметкерлери ушын илимий тийкарланған, өз ўақтында ҳәм инсанға бағдарланған жәрдем көрсетиў усыллары баян етилген.

ЖДСШ мағлыўматларына бола, 2024-жылы 5-19 жастағы 170 миллион бала ҳәм жас өспирим семизликтен азап шеккен. Олардың 70 миллионы 5-9 жастағы балалар, 100 миллионы болса 10-19 жастағы өспиримлер. Усы жас категориясында семизликтиң тарқалыў дәрежеси 1990-жылдағы 2 проценттен 2024-жылы 8 процентке жеткен, яғный төрт есеге артқан.

Шөлкем семизликти созылмалы ҳәм қайталаныўшы кеселлик сыпатында баҳалайды. Оның ақыбетлери балалықтан басланып, 2-дәреже қантлы диабет ҳәм жүрек-қан тамыр кеселликлери сыяқлы жуқпалы болмаған кеселликлер қәўпин арттырыўы мүмкин. Семизликтен азап шегип атырған балалар ҳәм жас өспиримлер стигма, кемситиў ҳәм буллингке де дус келиўи мүмкин.

ЖДСШ артықша салмаққа ийе балалар ҳәм жас өспиримлер ушын структуралық диета, физикалық белсендилик ҳәм минез-қулықты өзгертиўге қаратылған илажларды усыныс етпекте. Бундай жәрдем жеке түрде ямаса бир неше усылды бирлестирген бағдарлама шеңберинде көрсетилиўи мүмкин. Санлы денсаўлықты сақлаў қуралларын болса ата-ана ямаса қәўендер қадағалаўы астында пайдаланыў шәртли түрде усыныс етиледи.

Усынысларға муўапық, 0-9 жастағы балаларда семизликти емлеў ушын дәри-дәрмақлар, бариатрикалық хирургиялық ямаса салмақ аздырыўшы үскенелерден пайдаланыў усыныс етилмейди.

10-19 жаслы өспиримлерде тастыйықланған дәри-дәрмақлар менен емлеў қадағаланатуғын, турмыс тәризин өзгертиўге қаратылған бағдарлама күтилген нәтийжени бермегенде ғана көрип шығылыўы мүмкин. Аўыр дәрежедеги семизлик бақланған өспиримлерде бариатрик операция болса қатаң шәртлер тийкарында әмелге асырылыўы мүмкин.

ЖДСШның Аўқатланыў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги департаменти директоры доктор Луз Мария Де Регилдиң атап өтиўинше, балалар ҳәм жас өспиримлерде семизликти емлеўдиң тийкары дәри-дәрмақлар ямаса хирургиялық емес, ал саламат аўқатланыў, физикалық белсендилик ҳәм турақлы минез-қулық өзгерислерин тәмийинлейтуғын комплексли жәрдем болып есапланады.

Оның атап өтиўинше, ҳәр бир бала ҳәм жас өспирим ерте жастан сапалы медициналық жәрдемнен ҳәм қоллап-қуўатлаўшы орталықтан пайдаланыў имканиятына ийе болыўы, бул болса саламат салмаққа ерисиў ҳәм оны сақлап қалыўға жәрдем бериўи керек.

ЖДСШ ҳүжжетинде семизлик ҳәм руўхый саламатлық арасындағы байланысқа да итибар қаратылған. Қәўетер, депрессия, өзин төмен баҳалаў ҳәм сезимлерди басқарыўдағы қыйыншылықлар надурыс аўқатланыў, физикалық ҳәрекетсизлик ҳәм социаллық жеккелениўге алып келиўи мүмкин. Соның менен бирге, семизлик пенен жасап атырған балалар ҳәм жас өспиримлер кемситиў ҳәм буллинг себепли руўхый қыйыншылықларға дус келиў итималы бар.

Сол себепли медицина хызметкерлерине семизлик ҳәм руўхый саламатлық пенен байланыслы машқалаларды ерте анықлаў, оларды биргеликте шешиў, жасқа сай ҳәм шаңарақты тартқан қатнаслардан пайдаланыў усыныс етилген.

Ҳүжжетте саламат салмаққа ерисиў ямаса оны сақлаўда тийкарғы итибар саламатлық, ҳәрекетшеңлик ҳәм улыўма абаданлықты жақсылаўға қаратылыўы керек екенлиги атап өтилген. Бунда ҳәр бир бала ҳәм шаңарақтың талапларын есапқа алыў, узақ мүддетли бақлаў ҳәм үзликсиз жәрдемди тәмийинлеў әҳмийетли.

ЖДСШның атап өтиўинше, тек ғана емлеў илажлары семизликтиң глобал өсиўин тоқтатыў ушын жетерли емес. Сол себепли шөлкем саламат аўқатланыў ҳәм физикалық белсендиликти қолайлы ҳәм арзан етиўге қаратылған сиясатты күшейтиўге шақырмақта. Бунда тәртипке салыў ҳәм фискал илажлар менен бирге билимлендириў, қала қурылысы, транспорт ҳәм социаллық қорғаў тараўларындағы ҳәрекетлер де әҳмийетли орын ийелейди.

Бул усыныслар ЖДСШның семизликке қарсы глобал илажлары, соның ишинде, оны тоқтатыў бойынша оператив режесиниң бир бөлеги есапланады. Ҳүжжетте балалықтан жас өспиримлик ҳәм үлкен жастағы дәўирде семизликти басқарыў және қадағалаў бойынша илимий тийкарланған усыныслар да келтирилген.