Бүгин елимиздеги барлық улыўма билим бериў мектеплеринде "соңғы қоңыраў" жаңлап, байрам илажлары өткерилмекте. Мине, усындай толқынландырыўшы демлерде 472 мың ул-қызларымыз мектеп билимлендириўин тамамлап, үлкен өмирге жоллама алмақта.

 

Бәринен бурын, бәршеңизди мине усындай умытылмас ўақыя менен шын кеўлимнен қутлықлайман.

 

Биз бүгин келешек режелерин дүзип атырған сиз, перзентлеримиз тымсалында Жаңа Өзбекстанды пүткил дүньяға танытатуғын дөретиўши күшти көремиз.

 

Быйыл мектеплерди биринши мәрте 11 мыңнан аслам питкериўши алтын ҳәм гүмис медальлар менен тамамлады. Исенимим кәмил, бул пидайы ул-қызларымыз заманласларына өрнек болып, келешекте мәмлекетимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосады.

 

Ҳәр бир мектеп питкериўшиси өмирде мүнәсип орын ийелеўи ушын бар күш ҳәм имканиятларымызды жумсаймыз.

 

Бүгинги питкериўши - ертеңги инженер, шыпакер, илимпаз, шайыр ҳәм жазыўшы, исбилермен. Бүгинги питкериўши үшинши Ренессанс дөретиўшиси. Сизлер Жаңа Өзбекстанның ең үлкен исеними ҳәм таянышысыз.

 

Мәмлекетимиздеги 207 жоқары оқыў орны ҳәм 643 техникум сизлерге заманагөй билим, кәсип ҳәм маманлық бериўге таяр. Өз күшине исенген жасларымыз мектепти питкермей турып, Өзбекстан ҳәм дүньяның жетекши жоқары оқыў орынларына оқыўға кирип атыр. Мәселен, 171 питкериўши абырайлы сырт ел университетлерине, және мыңлаған питкериўшилер елимиздиң жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыл етилди.

 

Мине, усындай жас ул-қызларымызды, олардың ата-аналары ҳәм устазларын мине, усындай жетискенликлери менен шын жүректен қутлықлайман!

 

Қәдирли питкериўшилер!

 

Турмыстың өзи, мийнет базарындағы талаплар қаншелли тез өзгерип атырғанын көрип турсыз. Жаңадан-жаңа кәсиплер пайда болмақта. Шет тиллерин ҳәм талап жоқары болған кәсипти билиў, компьютер саўатлылығы ҳәм өз бетинше дәрамат табыў көнликпелери ең әҳмийетли талапқа айланбақта. Енди мийнет базарында, бәринен бурын, "ҳүжжет" емес, ал ҳақыйқый билим, маманлық ҳәм нәтийжеге ерисе алыў көнликпеси талап етиледи.

 

Бүгинги әпиўайы аўыл мектебиниң питкериўшиси ертең дүньяға белгили илимпаз болады. Бүгин өз алдына үлкен мақсетлер қойып, бәрқулла изленип жасап атырған жаслар келешекте миллионлаған инсанларға хызмет ететуғын технологиялар жаратады. Бүгин китап оқып атырған қыз ертең мәмлекетимиздиң раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығатуғын перзентлерди тәрбиялайды.

 

Соның ушын ҳәр бириңиз кеминде бир шет тилин ҳәм бир заманагөй кәсипти ийелеўге умтылыўыңыз керек. Бул сизлер ушын келешек есиклерин, қосымша имканиятлар ҳәм хошаметлерди ашады.

 

Исбилермен болмақшы болған жасларға банклер тәрепинен усы жылы жәми 25 триллион сум жеңиллетилген кредитлер ажыратылмақта. Стартап жойбар баслаған питкериўшилер ушын улыўма 100 миллион доллар қаржы ажыратылады. Ең ири IТ-компаниялар ҳәр жылы кеминде 50 мың питкериўшилерди жасалма интеллектке оқытып, оларды жоқары дәраматлы жумыс орынларында бәнт етиўге таяр. Келеси жылларда 168 мың гектар супер интенсив санаат бағларын жаратамыз. Бундай жойбарларда қатнасыў нийетиндеги жасларды бәрқулла қоллап-қуўатлайман.

 

Сизлер, әлбетте, усы жаңа тараўлардың ҳақыйқый қәнигелери боласыз!

 

Қәдирли ул-қызлар!

 

Бүгинги тез пәт пенен өзгерип атырған заманда ең әҳмийетли ўазыйпа - турмысқа, оның күн сайын артып баратырған талапларына таяр болыўдан ибарат.

 

Бул жолда сизиң ең жақын достыңыз ҳәм ең үлкен жәрдемшиңиз китап. Себеби, китап - нур, билим ҳәм данышпанлық дәреги. Көп китап оқыған инсан күшли ерк-ықрарға, кең дүньяға көзқарасқа ийе болады ҳәм ҳеш қашан дурыс жолдан қайтпайды.

 

Бүгин турмысымызда ерисип атырған жетискенликлери сизлерге үлги болатуғын жас қаҳарманлар көп. Буннан төрт-бес жыл алдын мектепти питкерген Жавоҳир Синдаров, Нодирбек Абдусатторов, Абдуқодир Ҳусанов сыяқлы белгили спортшылар шахмат ҳәм футболда ерисип атырған жетискенликлери менен дүньяны таң қалдырмақта.

 

Жас кинодөретиўшилеримиздиң сүўретке алған қысқа метражлы фильми Канн халықаралық кинофестивалы шеңбериндеги инклюзив фильмлер фестивалында Гран-при сыйлығын алыўға миясар болды.

 

Күни кеше футбол бойынша миллий сайланды командамызды жәҳән чемпионатына салтанатлы түрде шығарып салдық.

 

Ҳәммемизге шексиз мақтаныш бағышлайтуғын бундай жарқын табыслар тарийхымызда ҳеш қашан болмаған.

 

Жаңа Өзбекстан жаслары шын кеўилден умтылып, ҳәрекет етсе, қандай жоқары шеклерге ерисиў мүмкинлигин көрип турсыз!

 

Сизлердиң арасында да Жаңа Өзбекстанның мақтанышына айланатуғын келешек миллий қаҳарманларымыз бар, деп исенемен!

 

Бул дүньяда ҳәр бир ақыллы инсан ата-анасы, устазлары, халқының исенимин ақлаўдан үмит етеди. Негизинде, инсан ушын ең үлкен бахыт та, үлкен мақтаныш та усы.

 

Бүгин мектепти питкердиңиз, бирақ үлкен өмир мектеби енди басланбақта. Бул жолда сизлерге теңсиз бахыт тилеймен.

 

Өз алдыңызға үлкен мақсетлер қойыўдан ҳеш қашан қорықпаң!

 

Өзиңизге исенип, бәрқулла алға барың!

 

Бәрқулла өзгерислер, реформалар руўхы менен жасайтуғын әўлад болың!

 

Бул жолдағы дәслепки қәдемлериңиз қутлы ҳәм берекетли болсын!

 

Бәршеңизге бахыт ҳәм әўмет ҳәмийше яр болсын, әзиз перзентлерим!

 

 

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти