Дүнья шахмат аспанында жарқын жулдыз болып жарқыраған сиз, әзиз перзентлеримди 46-Жәҳән шахмат олимпиадасында ерискен тарийхый жеңисиңиз бенен шын кеўлимнен қутлықлайман.

Еки мәрте олимпиада чемпионы деген жоқары абырайлы атақ, уллы жеңис бәршемизге, көп миллетли халқымызға мүбәрек болсын!

Мине, усы оғада толқынландырыўшы мәўритлерде 200 ден аслам мәмлекеттен 2 мыңға шамалас ең күшли ҳәм белгили гроссмейстерлер, абырайлы командалар қатнасқан маўасасыз беллесиўлерде көрсеткен ақыл-парасатыңыз, жоқары ерк-ықрарыңыз, шеберлигиңиз ҳәм мәртлигиңиз ушын пүткил елимиз, дүнья шахмат жәмийетшилиги сизлерге алғыс айтпақта.

Сизлер – Жаңа Өзбекстан қаҳарманлары, жәҳән шахмат әлеминде жаңа тарийх жаратқан алтын әўладсыз. Пүткил халқымыз сизлер менен шексиз мақтанады.

Бул абырайлы жарысларда сизлер теңсиз ақыл ҳәм ой-пикир ийелери болған Муҳаммед Хорезмий, Ахмед Ферғаний, Беруний, Ибн Сина, Әмир Темур, Мырза Улығбек, Әлийшер Наўайы сыяқлы уллы ата-бабаларымызға мүнәсип мийрасхорлар екениңизди әмелде көрсеттиңиз.

Сизлер әмелдеги Олимпиада чемпионы – Ҳиндстан командасын жеңдиңиз. Әййемги шахмат мектеби ҳәм көплеген гроссмейстерлерге ийе болған Қытай командасы үстинен тарийхый жеңисти қолға киргиздиниз. Дүнья рейтингинде биринши орынды ийелеп киятырған, алты мәрте Олимпиада чемпионы болған АҚШ командасынан да үстин келдиниз.

Нодирбек Абдусатторов барлық ойынлар даўамында жеңилис не екенин билместен, ҳақыйқый команда жетекшиси екенин дәлиллеп, биринши тахтаға алтын медаль ийесине айланды.

Нодирбек Ёқуббоев болса Түркия, Ҳиндстан, Қытай ҳәм АҚШ ўәкиллерине қарсы маўасасыз беллесиўлерде ҳақыйқый ерк-ықрар ҳәм мәртлик көрсетип, командамыз ушын шешиўши жеңислерди тәмийинлегенин айрықша атап өтпекшимен.

Әсиресе, Ёқуббоевтың ҳиндстанлы Ниҳал Саринге қарсы гүреси ҳақыйқый драмалық саўаш болды. Жаңа Өзбекстан ўәкилиниң ең қыйын жағдайда оғада тапқырлық пенен қолланған тактикалық жүрислерин көрип, дүнья шахмат ықласбентлери ҳайран болып қатып қалды.

Және бир мәрт улымыз, Жавоҳир Синдоров чемпионларға тән ойын көрсетип, улыўма жеңиске үлкен үлес қосты.

Бундай ири халықаралық жарыста биринши мәрте қатнасқан Муҳиддин Мадаминов улымыздың күшли қарсыласларына күтилмеген соққылар берген ҳәм бирде-бир жеңилиске ушырамағаны жоқары баҳаға ылайық.

Шамсиддин Воҳидов Ҳиндстан, Түркия ҳәм Венгрия ўәкиллерине қарсы маўасасыз ойынларда өзин жоғалтпастан, әҳмийетли упайларды қолға киргизгени де жанкүйерлер ядында сақланып қалады.

Бир сөз бенен айтқанда, сайланды командамыз ағзаларының ҳәр бири өзине исенип, тек ғана алға қарап барғанын көрип, Жаңа Өзбекстанда қандай уллы шахмат мектеби, шахматшылар әўлады қәлиплескенине пүткил дүнья тән берди.

Жарысларда екинши қурам менен қатнасқан командамыздың көрсеткен нәтийжеси де бизди қуўандырады.

Жаҳонгир Воҳидов улым күшли ерк-ықрар көрсетип, бул командамызды сыйлы орынларға қарай баслады. Испания, Англия ҳәм Нидерландия сыяқлы мәмлекетлердиң ўәкиллери үстинен ерисилген исенимли жеңислер умытылмас тарийхқа айланды.

Ҳаял-қызлар командамыз да кескин гүреслерде ҳақыйқый мәртлик үлгисин көрсетти. Олар АҚШ командасы менен теңдей беллескени, 11 турда 7 жеңиске ерисип, он үшинши орынды қолға киргизгени де әҳмийетли нәтийже болып есапланады.

Самарқанд олимпиадасында пара шахматшыларымыз да үлкен мәртлик көрсетип, бундай ойынлар тарийхында биринши мәрте қола медалын қолға киргизди. Селби қызым жеке есабында гүмис, Абдулазиз улым қола медалына ийе болғаны, Аҳадхон улым улыўма жеңилмегени мени жүдә қуўандырды.

Елимиз барлық шахматшыларымыз тымсалында күшли билим ҳәм ерк-ықрар ийелерин, үлкен-үлкен шеклерди ийелеўге уқыплы болған Жаңа Өзбекстан жасларын көреди.

Әлбетте, бул жоқары жеңис бәршемизге жаңа күш-ғайрат, руўх ҳәм илҳам бағышлайды, жас әўладымыз ушын ҳақыйқый ибрат үлгиси болып хызмет етеди.

Елимизде шахматтың раўажланыўына берилип атырған турақлы итибар, жолға қойылған нәтийжели система ҳәм қолайлы шараятлар сизлер ерискен нәтийжелерди тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болды. Жақында бул бойынша және бир Президент қарарын қабыл еттик. Бул ҳүжжет жақын келешекте және де үлкен нәтийжелер ушын, әлбетте, беккем тийкар жаратады.

Өзбекстан шахмат федерациясы ФИДЕ тәрепинен 2026-жылы “Ең жақсы федерация” номинациясында жеңимпаз деп табылғаны, тәжирийбели тренер, гроссмейстер Рустам Қосимжонов ФИДЕниң ҳүрметли вице-президенти, Ҳулкар Тоҳиржонова ФИДЕниң Орайлық Азия мәмлекетлери бойынша регионаллық президенти етип сайланғанын Өзбекстанның шахмат мәмлекети сыпатында абырайы артып атырғанының және бир дәлили сыпатында қабыл етемиз.

Әзиз перзентлерим!

Еки ҳәпте даўамында саўлатлы Самарқанд қаласы мисли жәҳән шахматының пайтахтына айланды. Бул жерде болып өткен абырайлы жарыслар, қатнасыўшы мәмлекетлер ҳәм шахматшылардың саны бойынша рекорд нәтийжелер менен тарийхқа киргенин айрықша атап өтиў керек.

Бәршемиздиң улыўма жеңисимиз үш мың жыллық бай тарийх ҳәм мәденият ҳаўазы келип турған, ХIV-XV әсирлерде Екинши Ренессанс орайларынан бири болған бул уллы қалада қолға киргизилгени оның қәдир-қымбатын және де арттырмақта.

Усы жылы ноябрь айында бизди және бир үлкен шахмат байрамы күтип турыпты. Жәҳән тажы ушын болатуғын тарийхый беллесиўде шахматымыз мақтанышы Жавоҳир Синдоровтан бәршемиз үлкен жеңислерди күтип қаламыз. Сен буған әлбетте уқыплысаң, Жавоҳир балам!

Пурсаттан пайдаланып, 46-Жәҳән шахмат олимпиадасында Ўатанымыздың абырайын жоқарылатыўға мүнәсип үлес қосқан ул-қызларымызға, олардың ата-аналарына, устаз ҳәм тренерлерине, сайланды командамыздың барлық ағзаларына шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Бул жарысларды жоқары дәрежеде шөлкемлестирген, олимпиада қатнасыўшыларына халқымызға тән миймандослық, ҳүрмет-иззет көрсеткен Самарқанд ўәлаяты халқына ҳәм жергиликли ҳәкимлик ўәкиллерине, барлық шөлкемлестириўшилерге үлкен рахмет айтамыз.

Сизлерге беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт, келеси жумысыңызда үлкен табыслар тилеймен.

Бизге мине, усындай уллы даңқ, уллы жеңислерди инам еткен шахматшы перзентлеримиз бәрқулла саў-саламат болсын!

Сизлерге ҳәмийше айдын жеңислер яр болсын, әзиз перзентлерим!

 

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти