Бул ҳаққында Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы — “my.gov.uz” арқалы мәлим етилди.
Атап өтилиўинше, Өзбекстанда дизимнен өткен исбилерменлер сырт елде миллий ресторан шөлкемлестириўге байланыслы қәрежетлериниң 50 процентине шекемги бөлегин субсидия түринде қайтарып алыўы мүмкин.
Бул мәмлекетлик хызмет Туризм комитети тәрепинен “my.gov.uz” порталы арқалы бийпул көрсетиледи.
Субсидия алыў ушын төмендеги ҳүжжетлер талап етиледи:
Ресторанның сырт елде дизимнен өткени ҳәм имаратқа болған ҳуқықты тастыйықлаўшы ҳүжжетлер;
Санитария ҳәм өрт қәўипсизлиги талапларына муўапықлықты тастыйықлаўшы ҳүжжетлер;
Әмелге асырылған қәрежетлер ҳәм Өзбекстаннан өним жеткерип бериўге байланыслы ҳүжжетлер (зәрүрликке қарап рәсмий аўдармасы менен);
Ресторанның ишки ҳәм сыртқы көриниси сәўлеленген фотосүўретлер.
Мәлим етилиўинше, “my.gov.uz” арқалы жиберилген арза 18 жумыс күни ишинде көрип шығылады. Унамлы қарар қабыл етилген жағдайда, субсидия қаржысы 7 жумыс күни ишинде исбилерменниң банк есап бетине өткерип бериледи.
Егер арзада кемшиликлер анықланса, оларды сапластырып, қайта мүрәжат етиў имканияты бар.
Исбилерменлер субсидия алыў ушын “my.gov.uz” порталындағы тийисли мәмлекетлик хызмет арқалы арза тапсырыўы мүмкин.