Стратегиялық шерикликти, бәринен бурын, жанылғы-энергетика тараўында және
де беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды. Компанияның Өзбекстанда
әмелге асырып атырған жойбарларының раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен
атап өтилди.
Мәмлекетимиз
басшысы «BlackRock» пенен бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын көрсетип өтти.
Соның ишинде, меншиклестириў тараўында шерикликти кеңейтиў, мәмлекетимиздиң
инвестициялық тартымлылығын арттырыў, қаржы базарын раўажландырыў, нефть-химия
жойбарларын алға қойыў, жасалма интеллект технологияларына биргеликтеги
инвестицияларды киргизиў сыяқлы әҳмийетли мәселелер атап өтилди.
«BlackRock» активлер
ҳәм фондларды басқарыў, финанслық хызметлер көрсетиўге қәнигелескен ири
инвестициялық компания болып есапланады. 2026-жылы компания басқарыўындағы
активлер 14 триллион АҚШ долларына жетти.