Ушырасыў алдынан министр мәмлекетимиз басшысына БАӘ Президенти Шайх Муҳаммад Ол Наҳаян, БАӘ Вице-президенти, Бас министри, Дубай Әмири Шайх Муҳаммад Ол Мактум ҳәм Вице-президенти Шайх Мансур Ол Наҳаянның қызғын сәлемин жеткерди.

Өзбекстан - БАӘ көп қырлы бирге ислесиўин буннан былай да кеңейтиў, бәринен бурын, мәмлекетлик басқарыў системасының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм бул тараўда әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигин тәмийинлеўдиң әҳмийетли тәреплери көрип шығылды.

Өзбекстан ҳәм БАӘ арасындағы дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары жедел раўажланып, тийкарғы бағдарларда әмелий бирге ислесиў беккемленип атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Мәмлекетлик хызмет механизмлерин жетилистириўдиң 10 әҳмийетли бағдары бойынша бирге ислесиўди нәзерде тутатуғын биргеликтеги "жол картасы" избе-из әмелге асырылмақта. Бюрократияны қысқартыў бойынша БАӘниң алдынғы тәжирийбеси енгизилмекте. Тийисли бағдарлама шеңберинде жойбарлаў офиси жумыс баслады.

Бүгинги күнде 1 миллионнан аслам адам қамтып алынған "Бес миллион жасалма интеллект жетекшилери" билимлендириў бағдарламасының нәтийжелери де атап өтилди.

Бүгин "Мәмлекетлик уйымлар жумысының нәтийжелилигин баҳалаў" жойбарының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтеди. Бул басламаның көлемин, соның ишинде, жергиликли ҳәкимият уйымларының ўәкиллерин тартыў арқалы және де кеңейтиўден мәпдарлық билдирилди.

Улыўма миллий китапқумарлық ҳәрекетин биргеликте жолға қойыў режелери көрип шығылды.

Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыўға қаратылған жойбарларды буннан былай да әмелге асырыў, биргеликтеги раўажланыў форумларын өткериў, Өзбекстанның раўажланыўына қаратылған стратегиялық ҳәм концептуаллық ҳүжжетлерди таярлаўды алға қойыўға келисип алынды.