Мәмлекетимиз басшысы Нурсултан Назарбаевтың заманагөй Қазақстанды қурыў, Орайлық Азияда регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыў, Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын беккемлеўге қосқан салмақлы үлесин айрықша атап өтти.

Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы беккем дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаў байланысларына тийкарланған көп қырлы бирге ислесиўдиң бүгинги жоқары пәти үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.