Мәмлекетимиз басшысы Тбилиси қаласында Грузия Президенти Михаил
Кавелашвили ҳәм Бас министри Ираклий Кобахидзе менен сөйлесиўлер өткерди.
Өзбекстан менен Грузия арасындағы дослық ҳәм көп қырлы бирге ислесиў
қатнасықларын және де беккемлеў, сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық,
транспорт-транзит, туризм ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда әмелий бирге
ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Сөйлесиўлер жуўмағында Стратегиялық шериклик қатнасықларын орнатыў
ҳаққындағы декларацияға қол қойылды. Тийкарғы бағдарлардағы бирге ислесиўди
беккемлеўге қаратылған еки тәреплеме ҳүжжетлердиң салмақлы топламы алмасылды.
Орбелиани
сарайында Өзбекстан жетекшисине Грузияның жоқары мәмлекетлик сыйлығы -
"Алтын тери" орденин тапсырыўға бағышланған салтанатлы мәресим болып
өтти.
Сондай-ақ,
мәмлекетимиз басшысы Тбилиси қаласында уллы шайыр ҳәм ойшыл Әлийшер Наўайы
естелигиниң ашылыў мәресиминде қатнасты.
Мәмлекетлик сапар
жуўмақланғаннан соң Өзбекстан Президенти Ташкентке жөнеп кетти.