Атап өтилиўинше, сервис пайдаланыўшылары қуўатлылық жетиспеўшилиги себепли платформа жети күннен көп ўақыт даўамында жеделлик көрсетилмеген узақ мүрәжатларды қоллап-қуўатлаўды тоқтатып атырғаны ҳаққында қалқыўшы хабарнамаларды ала баслаған. Бундай сессияларды енди даўам еттириў мүмкин емес.
Компания, сондай-ақ, бир сораў көлеми ушын шеклеўди шама менен 40 мың белгиге шекем азайтты ҳәм күнлик квоталарды енгизди. Күнлик лимитке жеткенде система серверге жүклемениң жоқарылығы ҳәм квотаның таўсылыўы ҳаққында хабар береди.
Лимитлердиң енгизилиўи тез-тезден жүз берип атырған техникалық насазлықлар фонында жүз берди. Октябрь айынан баслап платформада чат-сервис, сондай-ақ, “V4 Pro” ҳәм “V4.1 Flash” модельлериниң “API”и бир бөлегине шекем ислемей қалыўы менен байланыслы кеминде бес жағдай жүз берген. Олардың ең үлкени 15-октябрь күни жүз берди ҳәм бес саат даўам етти.
Жаңа шеклеўлер тек ғана қосымшалар ҳәм веб-версияларға тийисли. Ислеп шығыўшылар ушын бағдарламалық интерфейс өз алдына тарифлер бойынша төлем ҳәм бийғәрез сораўлар лимитлери менен ислеўди даўам етпекте, деп жазады “Kazinform”.
Жаңа шеклеўлер себепли социаллық тармақ пайдаланыўшылары “DeepSeek”ти басқа ири тил модельлерин ислеп шығарыўшылардың үлгиси сыпатында жоқары шеклеўлер ҳәм кепилликли турақлылық пенен төлемли жазылыўларды енгизиўге шақырды.
Алдынырақ “DeepSeek” ҳәм “Huawei” АҚШтың ЖИ тараўындағы технологияларына альтернатив жаратып атырғаны ҳаққында хабар берилген еди.