Демек, бул базар экономикалық субъектлердиң жумысын кепиллеў, капиталдың нәтийжели бөлистирилиўи, халықтың абаданлығын сақлаў ҳәм мәмлекеттиң финанслық турақлылығын тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелейди.
Қамсызландырыў экономикалық хызметтиң басқа түрлеринен түптен парық қылады. Яғный дәслеп қамсызландырыў компаниясы қамсызландырыў өнимин сатқаны ушын қамсызландырыў сыйлығы түринде хызмет ҳақы алады. Қамсызландырыў ҳәдийсеси шәртнама әмелде болған дәўирде жүз берсе, қамсызландырыўшы өз мойнына алған миннетлемени орынлайды.
Бул өзгешелик қамсызландырыў компаниялары төлеў қәбилетин беккемлейди. Ҳәр қандай жағдайда қамсызландырыў жумысы тутыныўшылардың мәплери шеңберинде мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў зәрүрлигин келтирип шығарады. Экономикалық раўажланған мәмлекетлерде қамсызландырыў базары мәмлекеттиң ўәкилликли мәкемелери тәрепинен тәртипке салынады. Экономиканы диверсификациялаў ҳәм турақлылығын тәмийинлеўде қамсызландырыўдың әҳмийети жоқары.
Таллаўларға бола, мәмлекетимизде қамсызландырыў хызметлериниң жалпы ишки өнимдеги (ЖИӨ) үлеси раўажланған мәмлекетлердеги көрсеткишлерге салыстырғанда аз. Уллы Британия, Франция, Нидерландия сыяқлы мәмлекетлерде бул көрсеткиш бираз жоқары, ҳәттеки 10 проценттен де артады. АҚШта 3000 ға жақын қамсызландырыў түри бойынша хызмет көрсетиледи. Өзбекстанда болса бул көрсеткиш орташа 150 ди қурайды. Яғный бизде еле тараў ушын кең майдан бар.
Өзбекстан қамсызландырыў базары анық механизмлерге тийкарланған избе-из сиясат нәтийжесинде әсте-ақырын раўажланбақта. Соңғы бес жыл статистикасына бола, қамсызландырыў сыйлықларының көлеми дерлик 6 есеге өскен, бул басқа финанс тараўларының көрсеткишинен бираз жоқары. Бирақ тараўдың алдында өз шешимин күтип турған бир қатар мәселелер бар. Басқа қамсызландырыў компаниялары менен биргеликтеги ҳәрекетлер арқалы қамсызландырыў базарының раўажланыўына ерисиў мүмкин. Буның ушын қамсызландырыў хызметлериниң қамтып алыныўы ҳәм сапасын, кадрлардың маманлығын арттырыў, хызметлерди санластырыў үстинде ислеў керек. Екинши тәрептен, қарыйдарлардың келешекте қамсызландырыў хызметлеринен маман пайдаланыўы ҳәм дурыс таңлаўды әмелге асырыўы ушын халық арасында қамсызландырыў мәдениятын үгит-нәсиятлаўды жеделлестириў зәрүр.
Бүгинги күнде қамсызландырыў базарында 36 қамсызландырыў шөлкеми еки бағдарда (соннан, 27 и улыўма қамсызландырыў ҳәм 7 и өмир қамсызландырыўы ҳәм биреўи тек ғана қайта қамсызландырыў тараўында) жумыс алып бармақта. Сондай-ақ, қамсызландырыў базарында профессионал қатнасыўшылар есапланған 5 мыңға шамалас қамсызландырыў агенти, 11 қамсызландырыў брокери, 7 актуарий ҳәм ассистанс, аджастер ҳәм сюрвейер бар. Қамсызландырыў шөлкемлеринде дерлик 6 мыңнан аслам адам мийнет етеди.
Перспективалы жойбарлар миллий агентлигиниң мағлыўматларына бола, өткен жылы Өзбекстандағы улыўма қамсызландырыў сыйлықлары 13,46 триллион сумға жетти, бул алдынғы жылдағыға салыстырғанда 37,8 процентке көп. Базардың тийкарғы бөлеги дәстүрий улыўма қамсызландырыў болып, онда жыйымлар 12,88 триллион сумды қурады. Өмир қамсызландырыўы сегменти болса жоқары динамика көрсетти - сыйлықлар 104,8 процентке өсип, 586,48 миллиард сумға жетти.
Қамсызландырыў шөлкемлериниң инвестициялық жумысы 46 процентке өсти, улыўма инвестиция көлеми болса 9,55 триллион сумнан артты. Депозитлер портфели тийкарын қурамақта - 6,03 триллион сум. Өсиў - 31,7 процент. Ең динамикалық актив көшпес мүлк болып, оған инвестициялар 1,65 триллион сумға жетти. Белсенди қамсызландырыў шәртнамаларының саны 13 миллионнан асты, жаңа шәртнамалардың саны 12,8 миллионды қурады. 2026-жылдың басына шекем қамсызландырыў компанияларының улыўма миннетлемелери 3,81 квадриллион сумға жетип, жыл даўамында 41,1 процентке өскен.
Усы жерде қамсызландырыў хызметлери тутыныўшыларының ҳуқықларын қорғаў бойынша нызамшылықты жетилистириў бағдарында қандай жумыслар әмелге асырылып атырғанына да тоқтап өтсек. Өткен жылдың жуўмағына бола, ўәкилликли мәмлекетлик уйымға келип түскен жәми 3228 мүрәжаттан 1640 ы (яғный 50,8 проценти) унамлы шешилип, 21,5 миллиард сум қамсызландырыў қапламасы төлеп берилген. Мүрәжатлардың 1536 сында келтирилген мәселе ҳәм машқалалар бойынша ҳуқықый түсиниклер берилген. 2026-жылдың үш айында келип түскен 871 мүрәжатлардан дерлик 46 проценти, яғный 397 си унамлы шешилип, төлениўи тәмийинленген қамсызландырыў компенсацияларының муғдары 6,5 миллиард сумды қурады.
Мүрәжатларда көтерилген мәселелерден келип шығып, тараўға байланыслы нызамшылыққа өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди. Атап айтқанда, транспорт қураллары ийелериниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў шәртнамалары бойынша компенсация төлеў миннетлемеси қамсызландырыў шөлкемлери тәрепинен зәрүр дәрежеде орынланбай атырған жағдайлар көп ушырасады. Сонлықтан, "Мәмлекетлик бажы ҳаққында"ғы нызамға тийисли қосымша ҳәм өзгерислер киргизилди. Оған бола, пуқаралық ҳәм экономикалық судларға мәжбүрий қамсызландырыў шәртнамаларынан келип шығатуғын даўалар бойынша қамсызландырыўшылар (қамсызландырылған шахслар, пайдаланыўшылар, жәбирлениўшилер) мүрәжат еткенде мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилди.
Буннан тысқары, Қамсызландырыў хызметлерин электрон түрде көрсетиў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды. Оған муўапық, барлық қамсызландырыў полислери электрон түрде рәсмийлестириледи. Барлық қамсызландырыў шағымлары бирден-бир системада дизимнен өткериледи. Бул қамсызландырыў төлемлерине байланыслы арзалардың көрип шығылыўын мониторинг етиўде қолайлы болады.
Қамсызландырыў жумысы ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғаны ушын қамсызландырыўшыларға жәрийма санкцияларын қолланыў тәртиби жаңа редакцияда тастыйықланды. Нәтийжеде мәжбүрий қамсызландырыў түрлери бойынша нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген мүддетлерде арзаларды (қамсызландырыў шағымларын) көрип шықпаў, өз ўақтында компенсация төлемеў, ўәкилликли мәмлекетлик уйымның мәжбүрий көрсетпелерин орынламағаны ушын жәриймалар белгиленди.
Қамсызландырыўшылардың рейтингин анықлаў ҳәм жүргизиў тәртиби де тастыйықланды. Оған бола, қамсызландырыўшылардың рейтинги 8 улыўмалық көрсеткиш тийкарында баҳаланып барылады.
2026-жыл 22-июньдеги нызам менен айырым нызам ҳүжжетлерине қамсызландырыў хызметлери базарын буннан былай да раўажландырыўға қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди. Буның менен "Қамсызландырыў жумысы ҳаққында"ғы нызам ҳәм бар ҳуқықый ҳүжжетлер үйлескен.
Нызам менен тутыныўшылардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў мақсетинде ўәкилликли мәмлекетлик уйымның қадағалаў функциялары кеңейтилип, базар қатнасыўшыларының жумысы тәртипке салынды. Электрон коммерция операторлары жумыс баслағаны ямаса сапластырылғаны ҳаққында ўәкилликли уйымды хабардар етиў тәртиби енгизилди. Болмаса жуўапкершиликке тартылады.
Тийкарғы өзгерислер Пуқаралық кодекси, "Мәмлекетлик салық хызмети ҳаққында"ғы, "Транспорт қураллары ийелериниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў ҳаққында"ғы нызамларға тийисли болды.
Жоқарыдағылардан келип шығып айтыў мүмкин, соңғы жыллары жергиликли қамсызландырыў базары сезилерли өсиў ҳәм ишки структуралық өзгерислерди басынан өткермекте. Бирақ базар елеге шекем толық раўажланбаған ҳәм айырым бағдарларда системалы машқалалар сақланып қалмақта. Қамсызландырыў хызметлериниң кең жәмийетшиликке жетип барыўы, исеним артыўы ҳәм бәсеки орталығының қәлиплесиўи ушын мәмлекетлик сиясат, регуляторлар ҳәм базар қатнасыўшылары жеделлесиўи зәрүр. Сонда қамсызландырыў базары мәмлекет экономикасында толық турақлы ҳәм социаллық әҳмийетке ийе финанслық институтқа айлана алады.
Қобил ТУРСУНОВ,
Олий Мажлис Сенатының Бюджет
ҳәм экономикалық мәселелер комитети баслығының орынбасары