Инсан мәплери ҳәм халықтың абаданлығын тәмийинлеўге қаратылған избе-из реформалар бүгинги күнде мәҳәллелердиң келбетинде, адамлардың күнделикли турмысында өзиниң айқын көринисин таппақта.

Бундай өзгерислерге Ўзгариш мәҳәллеси анық мысал бола алады. Бул жерде 45 көп қабатлы турақ жай, 1 мың 620 квартирада 6 мың 700 ден аслам халық жасайды.

Бул жерде жыллар даўамында жыйналып қалған машқалалар басқышпа-басқыш шешилди, заманагөй инфраструктура ҳәм қолайлы социаллық орталық жаратылды. Соның ишинде, 10 балалар ойын майданшалары, мини-футбол майданы ҳәм 2 саламатландырыў зонасы қурылды.

Мәмлекетимиз басшысы мәҳәлледе шөлкемлестирилген заманагөй когенерация орайының жумысы менен танысты.

Бул орай гүз-қыс мәўсиминде мәҳәллени турақлы ыссылық ҳәм электр энергиясы менен тәмийинлеўге хызмет етеди. Когенерацион технология тәбийғый газден дәслеп электр энергиясын ислеп шығарыў, кейин пайда болған ыссылықтан суўды ысытыў ҳәм турақ жайларды ысытыў ушын пайдаланыў имканиятын береди. Бул энергия нәтийжелилигин арттырады ҳәм шығынларды азайтады.

Жойбардың улыўма баҳасы 5,8 миллион долларды қурайды. Орай Германияда ислеп шығарылған заманагөй газ поршеньли үскенелер ҳәм қазанлар менен тәмийинленген. Оның қуўатлылығы жылына 18,4 миллион киловатт саат электр ҳәм 80 мың гигакалория ыссылық энергиясын ислеп шығарыў имканиятына ийе.

Жойбар шеңберинде еки километр узынлықтағы жоқары күшлениўли электр узатыў тармағы қурылып, улыўмалық тармаққа жалғанған. Нәтийжеде райондағы орайлық электр тармағына жүклеме 3 процентке азайды. Орайдың пайдаланыўға тапсырылыўы менен 10 турақлы жумыс орны жаратылды.

Соның менен бирге, мәҳәллениң инфраструктурасы түп-тийкарынан жаңаланды. 1,4 километр пиядалар жолы қурылып, 12 көп қабатлы турақ жайдың фасады оңланды, ишки жоллар асфальтланды. Аймақты көклемзарластырыў мақсетинде 2 мың 720 саяманлы терек ҳәм путалар егилген.

Президентимиз мәҳәлле жетилиги ўәкиллери ҳәм белсендилери менен қызғын сәўбетлести. Бул жерде әмелге асырылған өзгерислер адамлардың жасаўы ушын мүнәсип шараят жаратыў, мәҳәллени абат ҳәм қәўипсиз аймаққа айландырыўға қаратылған жумыслардың нәтийжеси екени атап өтилди.

- Кең көлемли дөретиўшилик жумысларымыз мине усы Сергели районынан басланған еди. Өз ўақтында бул жерге заманагөй метро линиясын тартыў басламасын алға қойғанымызда бул ири жойбардың келешегине гүман менен қарағанлар да болғаны сыр емес.

Бирақ, бүгин мине усындай гөззал ҳәм абат орынларды, ең тийкарғысы, қәдирли ўатанласларымыздың кеўли толған жүзлерин көрип, таңлаған жолымыздың қаншелли дурыс болғанына және бир мәрте исеним пайда етпектемиз.

Бүгинги сапарымыздан мақсет - сизлер менен тиккелей сөйлесиў, усыныс ҳәм басламаларыңызды тыңлаў, - деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы Сергели районынан өткен жер үсти метросы жанында шөлкемлестирилген саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлериниң жумысы менен де танысты.

Заманагөй қала қурылысында бар инфраструктурадан ақылға уғрас пайдаланыў, пайдаланылмай атырған аймақларды халық ушын қолайлы ҳәм экономикалық жақтан нәтийжели имаратларға айландырыў әҳмийетли. Усы мақсетте жер үсти метросы жолының астындағы 5,7 гектар майдан толық жаңаланды.

Бул жерде 137 исбилерменлик субъекти шөлкемлестирилип, 250 жаңа жумыс орны жаратылған. Метро жолы астында 4 километр пиядалар ҳәм велосипед жоллары, еки балалар ойын майданшалары ҳәм спорт майданлары шөлкемлестирилген. Халықтың дем алыўы ушын 100 отырыў орны, 40 заманагөй декоратив жақтыландырғыш орнатылған.