Президент Шавкат Мирзиёев 14-апрель күни “Sea Breeze Uzbekistan” халықаралық туризм орайының мастер-режеси менен танысты.
Саудия Арабстанының Ар-Риёд қаласында болып өтип атырған " Human Capability Initiative 2025" халықаралық форумында Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги делегациясы қатнаспақта.
Бүгинги күнде мәмлекетимиздиң 10 ўәлаятында улыўма қуўатлылығы 4067 мегаватт болған 11 қуяш фотоэлектр станциясы ҳәм 3 самал электр станциясы "жасыл" энергия ислеп шығармақта.
Футбол бойынша жәҳән чемпионатының сайлап алыў басқышы шеңберинде Өзбекстан, БАӘ ҳәм Қатар сайланды командалары арасында болып өтетуғын ушырасыўлардың мәнзили ҳәм ўақты мәлим етилди.
Бүгин Өзбекстан аймағының үлкен бөлиминде жаўын-шашынсыз ҳаўа-райы болыўы күтиледи, тек ғана Ферғана ойпатлығы ўәлаятларында ҳәм күнниң екинши ярымында Ташкент ўәлаятында айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин.
Өзбекстанның Босния ҳәм Герцеговинаға тайынланған биринши Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Бахтиёр Ибрагимов усы мәмлекет Президиумы баслығы Желька Цвияновичке исеним жарлығын тапсырды.
Жаслар ислери агентлиги директоры Алишер Садуллаев 13-18-апрель күнлери АҚШта болады ҳәм Нью-Йоркта БМШтың жаслар форумында (ECOSOC) Өзбекстан жаслары атынан презентация өткереди.
Усы жылдың 13-апрель күни Ереван қаласында (Армения) хоккей бойынша жәҳән чемпионатының IV дивизион беллесиўлери басланды.
Өзбекстан сайланды командасы БАӘ үстинен исенимли жеңиске ерисип, U -17 Азия кубоги ярым финалына жол алды.
Усы жылдың 23-25-июнь күнлери Өзбекстанда биринши мәрте тарийхый Самарқанд қаласы Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң абырайлы Мәмлекетлик хызмет форумы - 2025 (UNPSF) ға басшылық етеди.