1-декабрь – Қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн

    1 желтоқсан 2024 17

    Ең дәслеп, бәршеңизди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан бүгинги қутлы сәне 1-декабрь – Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилгениниң 35 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлаймыз.

    Бәршеңизге мәлим, Тил – бул қарым-қатнас қуралы болыўы менен бирге, нешше әсирлер даўамында өзиниң қәдир-қымбатын жойтпай, бизге жетип келген бийбаҳа ғәзийне болып табылады.

    Соны айрықша атап өтиўимиз тийис, ҳәр бир халықтың өзине тән өзгешелигин, ҳəр бир елдиң раўажланыў басқышларын ҳәм келешегин белгилеўде ана тилиниң тутқан орны айрықша саналады.

    Мине, усы бийбаҳа байлығымызды көздиң қарашығындай сақлап, келешек әўладқа сап ҳалында жеткериў бәршемиздиң әдиўли ўазыйпамыз болып табылады. Сонлықтан, бул ўазыйпаның әҳмийетин түсинип, жасларымызды ана тилимизге, миллий қәдириятларымызға садықлық руўхында тәрбиялаў жолында бәршеңиз пидайылық көрсетесизлер деп беккем исенемиз.

    Сизлерди және бир мәрте Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилгениниң

    35 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, елимиздиң буннан былай да раўажланыўы жолындағы ийгиликли ислериңизде тасқын табыслар тилеймен.

    Аманбай Орынбаев

    Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы.