2025-жыл даўамында, ҳәр бир район ҳәм қалада 5 еўден пуқаралар жыйыны баслықлары Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы менен келисилген ҳалда оқытылады;
Келешекте барлық пуқаралар жыйыны баслықларының басқышпа-басқыш оқыў курсларынан өтиўи тәмийинленеди; Оқыўды табыслы тамамлаған баслықлар, ата ҳәм ана арасындағы перзент тәрбиясына байланыслы келиспеўшиликлерде бийпул медиаторлық жумысын әмелге асырады.
Бул арқалы шаңарақлық келиспеўшиликлер судқа жетип бармастан шешиледи.