Қарарға бола, 2025-жылы ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленди:

2 миллион ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў;

250 мың ҳаял-қызларды кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў;

250 мың ҳаял-қызларды жоқары билимлендириў менен қамтып алыў;

50 мың жәрдемге мүтәж ҳаял-қызларды санаторийларда саламатландырыў ҳәм оларда исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў бойынша мотивациялық семинарлар шөлкемлестириў.

"ҲАМРОҲ" исбилермен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарламасы шеңберинде 2025-жыл 1-майдан:

ҳаял-қызларға "жасыл жойбарлар" ҳәм IТ тараўындағы жойбарларды әмелге асырыўына, сондай-ақ, кеминде 5 ҳаял-қыздың исбилерменлигин жолға қойыўға жәрдем берген 1 мың "устаз" исбилерменлерге 50 миллион сумға шекем грант ажыратыў жолға қойылады;

унамлы кредит тарийхына ийе болған ҳаял-қызларға 100 миллион сумға шекем гиреўсиз кредит ажыратылады;

ҳаял-қызлар тәрепинен кредит есабынан сатып алынып атырған әсбап-үскенелер жеткерип берилгенге шекем "Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы" АЖ тәрепинен кепиллик берилиўи жолға қойылады.