Бабур өз өмири даўамында 49 жыл жасап, тарийх ҳәм әдебиятта үлкен из қалдырды. Оның "Бабурнама" атлы тарийхый шығармасы ҳақылы түркий прозаның ең жақсы шығармаларынан бири, Орайлық ҳәм Қубла Азия тарийхы бойынша ең баҳалы дәрек деп аталады.

Заҳириддин Муҳаммед Бабур Жалалиддин Мангуберди, Әмир Темур, Мырза Улығбек, Әлийшер Наўайы сыяқлы уллы мәмлекетлик ғайраткерлер ҳәм сәркардалар қатарынан мүнәсип орын ийелеген уллы шахс болып табылады.

Тарийхый дереклер Бабурдың социаллық, экономикалық ҳәм ҳуқықый тараўларды реформалаўға үлкен итибар қаратқанынан дәрек береди.

Оның белгили "Бабурнама" естелигинде Маўараўннахр, Хорасан ҳәм Ҳиндстан халықларының үрп-әдетлери, дәстүрлери, экономикалық дүзилиси, тарийхый шахслардың ролиниң анализи толық сүўретленгени буның айқын дәлили болып есапланады.

Бабурдың шығармалары 30 дан аслам тиллерге аўдарылған, оның дәўирине тийисли экспонатлар дүнья музейлеринде сақланбақта. Уллы бабамыздың бул бийбаҳа мийрасы келешекте де жаңа әўладлар ушын илҳам дәреги болып хызмет етеди.