Мәмлекетимиз жетекшиси Баку қаласында болып өтетуғын Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңестиң жетинши саммитинде қатнасады.

Әзербайжан басшылығында өткерилетуғын форум күн тәртибинен Азия континентинде исеним, тынышлық ҳәм қәўипсизликти беккемлеў және Кеңестиң институционаллық раўажланыўын буннан былай да жетилистириўге байланыслы әҳмийетли мәселелер орын алған.

Транспорт байланыслылығын раўажландырыў, санластырыў, турақлы экономикалық өсиў ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары көрип шығылады.

Қатнасыўшылар регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысады.

Илаж жуўмақлары бойынша Баку декларациясы және Шөлкемниң роли ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған қарарлар топламының қабыл етилиўи режелестирилген.