Бул Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 13-октябрьдеги "Алдынғы "жасыл" технологиялар тийкарында ыссыхана хожалықларын раўажландырыў ҳәм халықтың қыйтақ жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарарында белгиленген.
Қарарға бола, аўыл хожалығы товар ислеп шығарыўшылары ушын қосымша қун салығының ставкасы ноль процент етип белгиленеди. Сондай-ақ, аўыл хожалығы товар ислеп шығарыўшылары ҳәм балық хожалығы кәрханаларының өзи ислеп шығарған өнимди реализациялаўдан алған пайдасына пайда салығының ноль процентлик ставкасы қолланылады.
Ыссыхана жумысынан алынған дәрамат ағымдағы есап бериў дәўириндеги жәми дәраматтың кеминде 60 процентин қураған хожалықлар ушын социаллық салық ставкасы 2026-жыл 1-январьдан 2029-жыл 1-январьға шекем 1 процент етип белгиленген.
2027-жыл 1-январьдан 2030-жыл 1-январьға шекем ыссыхана жумысынан алынатуғын дәраматы жәми дәраматтың кеминде 60 процентин қураған исбилерменлик субъектлери ушын юридикалық шахслардан алынатуғын жер салығы ҳәм мүлк салығы ставкалары 50 процентке азайтылады.
2026-жыл 1-ноябрьден 2030-жыл 1-апрельге шекем энергия үнемлейтуғын арнаўлы қаплама "көрпе" менен қапланған ямаса энергия нәтийжели "жасыл" ысытыў қуралларынан пайдаланып атырған ыссыхана хожалықларына октябрь-март айларында пайдаланылған электр энергиясы баҳасының 50 проценти муғдарында субсидия ажыратылады.
Онда ыссылық насослары, геотермал ысытыў системалары, қуяш ыссылық системалары ҳәм электр энергиясы тийкарындағы жоқары нәтийжели ысытыў системаларынан пайдаланыў нәзерде тутылған.
Энергия нәтийжелилиги миллий агентлиги 2030-жыл 1-январьға шекем Ташкент ўәлаятының Ташкент, Зангиата, Қибрай, Янгийўл ҳәм Жоқары Шыршық районларында халықтың қыйтақ жерлериндеги ыссыханаларды ысытыў ушын энергия үнемлеўши үскенелерди сатып алыў ҳәм орнатыў қәрежетлериниң 40 процентин қаплап береди. Бир мәртелик субсидия муғдары 100 млн сумнан аспайды.
Субсидия қуяш панельлери, ыссылық насослары, инфрақызыл ысытыў үскенелери ҳәм басқа да энергияны үнемлейтуғын үскенелер ушын ажыратылады.
Сондай-ақ, Кәмбағаллықты қысқартыў мақсетли қорының қаржылары есабынан Ташкент ўәлаятының ыссыхана жетистириўге қәнигелескен 50 мәҳәллесинде ҳәр бир шаңараққа 200 миллион сумға шекем субсидия бериў белгиленген.
Орайлық банк шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў шеңберинде тәжирийбе тәризинде қыйтақ жер ҳәм дийқан хожалығы ушын жер майданына ийе физикалық тәреплерге жеңиллетилген кредитлер ажыратады.
Онда "жасыл" технологияларға тийкарланған ыссыхана қурыў ушын 300 млн сумға шекем, бар ыссыханаларды қайта үскенелеў ушын болса 150 млн сумға шекем кредит бериў нәзерде тутылған.
Ыссыханаларды шөлкемлестириў ҳәм социаллық дәптерлер бойынша субсидия ажыратыў процесслеринде Әдиллик министрлиги ҳәм Социаллық қорғаў миллий агентлиги жуўапкер есапланады.