"Казинформ" халықаралық мәлимлеме агентлигиниң мағлыўматларына бола, жаңа темир жол линиясының қурылысы бар болған Сарыағаш-Ташкент участкасынан жүклерди жаңа тармаққа бағдарлаў, Сарыағаш станциясын жеңиллестириў ҳәм экспорт жүклемелерин көбейтиў имканиятын жаратады, деп хабар береди "Дунё" ХА.
"Бул режени әмелге асырыў мақсетинде "Самрұқ-Қазына" фондының "Қазақстан темир жолы" (ҚТЖ) портфель компаниясы тәрепинен баҳасы 286 миллиард тенге ($1 - 523,95 тенге) болған инвестициялық жойбар әмелге асырылмақта, - деп жазбақта Агентлик ҚТЖ баспасөз хызметиниң мағлыўматына сүйенип. - Бүгинги күнге шекем 203 километрлик темир жолдың 100 километрге шамалас бөлеги жыйналып, жойбарды әмелге асырыў ушын 46 бирлик жол қурылыс техникасы ҳәм 70 тен аслам адам тартылған".