— "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" III халықаралық форумы көтериңки кейпиятта ҳәм жоқары исшеңлик руўхында өтти. Онда жетекши экспертлер, илимпазлар ҳәм көплеген қәнигелердиң қатнасқаны дүньяда тынышлық ҳәм раўажланыўға ерисиў жолында ҳәрекетлерди бирлестириў, халықтың абаданлығын арттырыўға байланыслы әҳмийетли мәселелерди терең таллаўда әҳмийетли фактор болды. Әсиресе, Президентимиздиң шығып сөйлеген сөзинде бул бағдарда алға қойылған әҳмийетли идея ҳәм басламалар ҳәммениң итибарын тартты.
Кәмбағаллықты қысқартыў кең көлемли процесс болып, оның ушын бир қанша бағдарларға итибар қаратыў талап етиледи. Бул бағдарда Өзбекстан тәжирийбесин талласақ, буның мәниси және де айқынласады. Сыр емес, елимизде бул жумыслар басланғанында халқымыздың үштен бир бөлеги кәмбағаллық шегарасында жасайтуғын еди.
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен бул бағдарда жаңа баслама ҳәм тәжирийбелер сынақтан өткерилип, дүньядағы унамлы жетискенликлер үйренилип, кәмбағаллықты қысқартыў бойынша жаңа Өзбекстан модели жаратылды. Бул бағдардағы избе-из реформалар нәтийжесинде бүгинги күнге келип халықты кәмбағаллықтан шығарыў ҳәм дәраматлы етиўде ҳәр бир аймақтың өз тәжирийбеси пайда болды. Мине, усындай избе-из реформалар себепли 7,5 миллион халық кәмбағаллықтан шығарылып, кәмбағаллық дәрежеси 2024-жылы 8,9 процентке түсирилди. Жылдың ақырына шекем оны 6 процентке шекем азайтыў мақсет етилген.
Әлбетте, қысқа мүддетте бундай нәтийжелерге ерисиў өз-өзинен болған жоқ. Онда жәмийеттиң ең төменги буўынына түсип, "мәҳәлле кесиминде" ислеў системасы жолға қойылғаны, ҳәр бир шаңарақ пенен индивидуал реже тийкарында исленип атырғаны өз нәтийжесин бермекте.
Кәмбағаллықты қысқартыўда халықтың мийнет базары талапларына сәйкес көнликпелерге ийе болыўы әҳмийетли. Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги системасындағы кәсиплик көнликпелер орайлары ҳәм жеке меншик билимлендириў шөлкемлери менен биргеликте кәмбағал ҳәм жумыссыз халықты кәсип-өнер, исбилерменликке оқытыў соңғы 8 жылда 25 есеге арттырылды. Атап айтқанда, 2017-жылы 7 мың жумыссыз халық кәсип-өнерге тартылған болса, усы жылдың өткен дәўиринде 170 мың халық бул процесслерге тартылды, жылдың ақырына шекем бул қамтып алыў 230 мыңға жеткериледи.
Билимлендириўдиң сапасына айрықша итибар қаратылып, усы жылдың өзинде министрлик системасындағы 64 кәсиплик көнликпелер орайының 200 ге шамалас оқытыўшысы сырт мәмлекетлерде тәжирийбе арттырды. Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA) менен биргеликтеги оқыў орайларының саны 5 ке жеткерилди. Бул орайлардың питкериўшилеринде 95 процент жумыс табыў ҳәм 97 процент жумыс бериўшилер тәрепинен қанаатландырыў дәрежеси атап өтилмекте.
Быйыл грант қаржылары есабынан Хорезм ўәлаяты кәсиплик көнликпелер регионаллық орайы қурылды ҳәм үскенеленди. Сондай-ақ, Жәҳән банки менен биргеликте автомобиллер, соның ишинде, электромобиллерге техникалық хызмет көрсетиў бағдарында 10 ўәлаяттағы кәсиплик көнликпелер орайлары оқыў үскенелери менен тәмийинленди.
Мийнет базарының талаплары тийкарында усы жылдың өткен дәўиринде 12 жаңа кәсипке оқытыў жолға қойылды. Усы жылдың февраль айынан баслап кәмбағал ҳәм жумыссыз халықты ваучер системасы тийкарында кәсип-өнерге оқытыўға кирисилди. Бул система арқалы халықтың өзи таңлаған кәсиплик билимлендириў мәкемелеринде оқытыў имканияты жаратылды.
Санлы технологиялар министрлиги менен биргеликте аймақларда кәмбағал шаңарақ ағзалары ушын мәлимлеме технологиялары бағдарында оқыў курслары шөлкемлестирилди. 4 бағдар бойынша 168 мың жас, соннан, кәмбағал шаңарақлардың 36 мың перзенти оқытылды. Келешекте кәмбағал шаңарақлар ағзаларын қамтып алыў үлеси 40 процентке жеткериледи.
Келешекте бул бағдардағы жумыслар және де кеңейтилип, кәрханалар менен тығыз бирге ислесиў, билимлендириў бағдарламаларын базарға бейимлестириў, вакансияларды санлы платформада ашық билдириў жолы менен көнликпелер базар талапларына бейимлестириледи. Ташкент қаласында "Креатив тараўлар кластери" шөлкемлестирилмекте.
Сырт ел қаржы институтлары менен бирге ислесиў даўам еттириледи. Соның ишинде, Жәҳән банки менен биргеликте 10 мың ҳаял-қыз бизнес көнликпелерине оқытылады. Олар өз бизнесин шөлкемлестириў ушын грант ажыратылады. Министрлик системасындағы бир қатар кәсиплик көнликпелер орайлары ҳәр бир аймақтың қәнигелесиўинен келип шығып, анық бир тараўға қәнигелестириледи.
Мине усындай кең көлемли жойбар ҳәм имканиятлардан нәтийжели пайдаланған ҳалда 2030-жылға барып Өзбекстанда кәмбағаллықты толық сапластырыўды мақсет еткенбиз.