"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, жумыс ҳәптесиниң ақырына шекем республика бойынша және ыссы ҳәм қурғақ ҳаўа райы орнайды. Тек ғана 29-октябрь күни айырым таўлы аймақларда жаўын жаўады, бәлент таўларда қар жаўыўы мүмкин.
Самалдың бағыты шығыстан тезлиги 7-12 м/с қа өзгереди.
27-октябрьде арқада ҳәм шөл аймақларында, 28-октябрьде республиканың айырым аймақларында самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң араласыўы күтиледи.
Ҳаўаның температурасы түнде +8...+13°, күндиз +21...+26°, яғный орташа климатлық нормадан 3-5° жоқары болады.
Ташкентте: 28-октябрь күни ҳаўа алағат бултласып, күнниң екинши ярымында бираз жаўын жаўыўы мүмкин. Самалдың бағыты шығыстан тезлиги 3-8 м/с қа өзгереди, айырым жерлерде 10-12 м/с қа шекем күшейеди, шаң-тозаң болыўы мүмкин. Түнде +11...+13гр жыллы, күндиз +21...+23гр жыллы.
29-30-октябрь күнлери ҳаўа алағат бултласып, жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы түнде +11...+13гр жыллы, күндиз +22...+25гр жыллы болады.









