5-6-ноябрь күнлери Өзбекстанда ҳаўа-райы кескин төменлеўи күтилмекте

    5 қараша 2025 346

    Усы күнлери республика аймағына суўық ҳәм салыстырмалы ығал ҳаўа массалары кирип келеди. Пүткил мәмлекетимиз бойлап ҳаўа-райы кескин өзгериўи болжанбақта.

    "Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 5-ноябрь күни айырым аймақларда жаўын жаўыўы күтиледи, таў алды ҳәм таўлы аймақларда жаўын-шашын қарға айланады.

    5-6-ноябрьге келип ҳаўаның температурасы әсте-ақырын пәсейеди: түнде 0-3гр жыллы болыўы күтиледи, айырым жерлерде суўық болыўы мүмкин, күндиз 5-10гр жыллы болады.

    7-10-ноябрь күнлери ушын ҳаўа райы ҳаққында мағлыўмат

    Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаяты

    Ҳаўа өзгерип турады, жаўын-шашын болмайды. Самалдың бағыты шығыстан тезлиги 7-12м/с. Ҳаўаның температурасы 7-ноябрьде түнде 2-7гр суўық, күндиз 7-12гр жыллы; 8-10-ноябрьде түнде 0-5гр жыллы, күндиз 12-17гр жыллы.

    Ҳаўа өзгерип турады, жаўын-шашын болмайды. 7-ноябрьде түнде 0-5гр суўық, күндиз 10-15гр жыллы; 8-10-ноябрьде түнде 0-5гр жыллы, күндиз 14-19гр жыллы; Наўайы ўәлаятының арқасында 7-ноябрьде түнде 2-7гр суўық, күндиз 8-13гр жыллы; 8-10-ноябрьде түнде 0-5гр жыллы, күндиз 12-17гр жыллы.

    Ташкент, Самарқанд, Жиззақ, Сырдәрья ўәлаятлары.

    Ҳаўа өзгерип турады, жаўын-шашын болмайды. Самалдың бағыты шығыстан тезлиги 7-12м/с. Ҳаўаның температурасы 7-8-ноябрьде түнде 2гр суўық-3гр жыллы, күндиз 8-13гр жыллы; 9-10-ноябрьде түнде 0-5гр жыллы, күндиз 12-17гр жыллы.

    Қашқадәрья, Сурхандәрья ўәлаятлары.

    Ҳаўа өзгерип турады, жаўын-шашын болмайды. 7-8-ноябрьде түнде 0-5гр жыллы, 9-10-ноябрьде 2-7гр жыллы, 7-ноябрьде күндиз 12-17гр жыллы, 8-10-ноябрьде 15-20гр жыллы болады.

    Андижан, Наманган, Фергана.

    Ҳаўа өзгерип турады, жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаныӊ температурасы 7-8-ноябрьде түнде 2° суўық - 3° жыллы, 9-10-ноябрьде 0-5° жыллы, күндиз 10-15° жыллы.

    Республиканың таўлы районлары.

    Ҳаўа өзгерип турады, жаўын-шашын болмайды. Самалдың бағыты шығыстан тезлиги 7-12м/с. Ҳаўаның температурасы 7-ноябрьде түнде 0-5гр суўық, күндиз 2-7гр жыллы; 8-10-ноябрь күнлери түнде -3гр суўық-2гр жыллы, күндиз 3-8гр жыллы.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates