Әдиллик министри 92 жергиликли мәмлекетлик функцияны керексиз деп тапты

    17 тамыз 2025 634

    Нызамшылық палатасында болып өткен мәжилисте әдиллик министри Акбар Тошқулов мәмлекетлик уйымлардың функциялары бойынша алып барылып атырған хатлаў нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат берди.

    Оның сөзлерине бола, жергиликли мәмлекетлик уйымлардың 500 ге шамалас функциясы үйренилип, соннан 92 си керексиз деп табылған. Ҳүкиметке оларды бийкарлаў бойынша усыныслар киргизилген.

    Депутат Зуҳриддин Мавлоновтың атап өтиўинше, 2030-жылға шекем 300 ге шамалас мәмлекетлик функциялар жеке меншик секторға өткерилиўи нәзерде тутылған, бирақ ҳәзирше тек ғана 11 функция бойынша жуўмақ шығарылған. Сол себепли айырым депутатлар процесстиң әсте өтип атырғанынан қәўетер билдирди.

    Акбар Тошқулов болса бул бағдардағы жумыслар жедел алып барылып атырғанын атап өтти. Мәселен, Аўыл хожалығы министрлигинде 17 функция тәкирарланатуғын ямаса қаржы ресурсысыз болғаны ушын жеке меншик секторға өткерилиўи керек, деп атап өтти. Сондай-ақ, спорт тараўындағы ўазыйпалар да қайта көрип шығылып атырғаны айтылды.

    Экономика ҳәм қаржы министри Жамшид Қўчқоров мәжилисте қосымша етип, 27 бағдар бойынша мәмлекетлик функцияларды жеке меншик секторға тапсырыў процеси басланғанын мәлим етти.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates