Аўғанстаннан 16 жүк машинасында Ҳирот ақ мраморы алып келинди

    Ҳирот ақ мраморы Самарқанд қаласында қурылып атырған Имам Бухарий комплексиниң қурылысында қолланылады.

    Термиз халықаралық саўда орайында әҳмийетли ушырасыў болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң Аўғанстан бойынша арнаўлы ўәкили Исматилла Эргашев, Сурхандәрья ўәлаятының ҳәкими Улуғбек Қосимов, Аўғанстан Бас министри секретариатының басшысы Молла Абдул Восе ҳәм Балх ўәлаятының губернаторы Муҳаммад Юсуф Вафо басшылығындағы делегациялар қатнасты.

    Сөйлесиў ўақтында еки мәмлекет арасындағы көп қырлы бирге ислесиў, соның ишинде, саўда, транспорт, гуманитарлық ҳәм мәдений байланысларды буннан былай да кеңейтиў мәселелери додаланды.

    Ушырасыў жуўмағында Аўғанстан тәрепинен Самарқанд қаласында қурылып атырған Имам Бухарий комплексиниң қурылысы ушын жиберилген 16 жүк машинасындағы Ҳирот ақ мраморы Өзбекстан тәрепинен қабыл етип алынды.

    Атап өтилиўинше, бул тасқа дүняда үлкен қызығыўшылық бар. Ол ыссыда ысып, суўықта суўытып кетпейди. Тазаланыўы да жүдә аңсат. Өзине суў жуқтырмайды. Екинши басқышы да таяр болыўы менен Өзбекстанға жеткериледи.

    Бундай әмелий бирге ислесиў еки туўысқан халық арасындағы тарийхый жақынлық, өз-ара ҳүрмет ҳәм дослық байланысларын және де беккемлеўге хызмет ететуғыны итибарға ылайық.

    No date selected
    June 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates