Елимиздиң аўыл хожалығында тек ғана өним жетистириў емес, ал жоқары қосымша қун жаратыў, қайта ислеў көлемин арттырыў ҳәм экспортқа бағдарлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Усы мақсетте «Uzagrostar holding» компаниясы шөлкемлестирилип, оның қарамағында 21 районда қәнигелескен аграр комплекслер жумыс баслады.

Тараўдағы тийкарғы машқалалардан бири өндирис шынжырының тарқалғанлығы еди. Дийқанлар өним жетистирген, бирақ оларды сақлаў, сайлап алыў, қадақлаў ҳәм сыртқы базарларға шығыў имканияты шекленген еди. Қәнигелескен агрокомплекслер бул бослықты толықтырады.

«Quva Agrostar» усындай кәрханалар қатарына киреди. Қува районында жайласқан бул комплекс жылына 5 мың тонна 12 түрдеги өнимди жетистириўден баслап, сақлаў, қайта ислеў, қадақлаў ҳәм экспортқа шығарыў процесслерин бир пүтин шынжырға бирлестиреди.

Италия, Испания, Германия ҳәм Қытайдан алып келинген заманагөй технологиялар, Global GAP, ISO 22000, Halal ҳәм HACCP халықаралық сертификатлары өнимлердиң сапасын ҳәм миллий брендке болған исенимди арттырыўға хызмет етпекте.

Системалы қатнас нәтийжесинде 2025-жылы биринши мәрте Япония ҳәм Қубла Корея сыяқлы талап жоқары болған базарларға ҳаўа транспорты арқалы өнимлер жеткерип берилди. Усы жылы 25 миллион долларлық өнимди экспорт етиў режелестирилген.

Раёндағы 33 мәҳәлледеги 3 мың шаңарақ, 1 мың дийқан менен кооперация байланыслары жолға қойылған. Халық 10 сотих қыйтақ жерден 250 миллион сумға шекем дәрамат алыўға үйренбекте.

Усы жерде халықты қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыўға үйретиў, мәҳәллелерди терең қәнигелестириў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың презентациясы өткерилди.

Қыйтақ жер тек ғана қосымша дәрамат дәреги емес, ал шаңарақлық исбилерменликтиң нәтийжели бағдарына айланыўы зәрүр екенлиги атап өтилди. Халықты туқым таңлаў, агротехникалық илажларды дурыс өткериў, зүрәәтти сапалы жетистириў, өнимлерди базар талабына ҳәм экспорт стандартларына сәйкес таярлаў бойынша әмелий көнликпелерге үйретиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы «Quva Agrostar» тәрепинен ерисилген нәтийжелерди жоқары баҳалап, жерден нәтийжели пайдаланыў, өнимлерди терең қайта ислеп, экспортқа қаратыў арқалы жоқары қосымша қун жаратыў, ең әҳмиетлиси, дийқан ҳәм қыйтақ жер ийелериниң дәраматын кескин арттырыў зәрүр екенлигин атап өтти. Усы мақсетте Ферғана ўәлаятындағы 50 мың гектар жерде алдынғы агротехнологияларға тийкарланған аўыл хожалығы системасы тәжирийбе тәризинде енгизилетуғыны белгиленди.