Аўғанстанда “Uzelectronics” саўда орайы ашылды

    Пикир 9 желтоқсан 2025 20

    Сырт елде киши дүкан ашқан өзбек исбилермениниң атын еситиў алдын биз ушын таң қаларлық ўақыя еди. Ҳәзир соған әдетленип қалдық.

    Сырт еллерде тек ғана дүкан емес, ал үлкен саўда үйлери, орайлары ашылып, өзбек брендиндеги өнимлер ири көлемде ҳәм ассортиментте сатылмақта. Әҳмийетлиси, бундай ҳәрекетлер мәмлекетимиз ҳәм исбилерменлер менен биргеликте әмелге асырылмақта. Мақсет - миллий өнимлеримизди жәҳән базарында кеңнен танытыў, жаңа базарларға кирип барыў ҳәм экспорт көлемин арттырыў.

    Аўғанстан биз ушын мине усындай жаңа, еле толық үйренилмеген, бирақ үлкен потенциалға ийе базарлардан. Кейинги жыллары елимиз әмелиятында бул базар имканияты кеңнен үйренилип, оған кирип барыў ҳәрекети жеделлескен. Бул, бир тәрептен, 40 миллионға шамалас халық жасайтуғын Аўғанстанның региондағы ең ири тутыныў базарына ийе екени, басқа тәрептен, мәмлекетте таяр өнимлерге де, инвестициялық жойбарларға да талап жоқары екенлиги менен байланыслы. Қалаберди, мәмлекет стратегиялық жайласыўы жағынан Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы көпир сыпатында экспорт ҳәм саўда ушын әҳмийетли майдан.

    Сол себепли, бул мәмлекет пенен өз-ара саўда байланыслары ҳәм экспорт көлемин кеңейтиў ҳәрекети және де жеделлеспекте. Жақында Өзбекстан Саўда-санаат палатасы басшылығындағы 100 ге шамалас исбилермен Аўғанстанда болып, әне усы мәселелер бойынша додалаўлар алып барды. Ушырасыўларда биргеликтеги жойбарларды ислеп шығыў, инвестициялық басламаларды алға қойыў усыныслары көрип шығылған. Еки тәреплеме сөйлесиўлер даўамында өзбекстанлы исбилерменлер 36,05 миллион долларлық дәслепки келисимлерге ерискен.

    Бирге ислесиўдиң әмелий нәтийжеси сыпатында Аўғанстанның Мозори Шариф қаласындағы ең көп саўда аймағында “UZELECTRONICS” мульти-бренд саўда орайы ашылды. Бул орайда Өзбекстанда ислеп шығарылған электротехника өнимлериниң сатылыўы жолға қойылды. Ҳәзирги ўақытта 25 өзбек компаниясы тәрепинен 500 ден аслам түрдеги өним қарыйдарларға усынылмақта. Бул жойбар Өзбекстан электротехника санаатының Аўғанстан базарына кирип барыўында әҳмийетли басқыш болып есапланады.

    - Аўғанстан базары еле толық үйренилмегенине қарамастан, үлкен потенциалға ийе аймақ сыпатында баҳаланбақта. Мәмлекетте көплеген өнимлер қатарында сапалы ҳәм заманагөй электротехника товарларына талап жыл сайын артып бармақта, - дейди "Өзэлтехсанаат" ассоциациясының жуўаплы хызметкери Әзамжон Қулмуродов. - Мине, усы имканиятлардан келип шығып "Өзэлтехсанаат" ассоциациясы, Өзбекстанның Аўғанстандағы елшиханасы, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы ҳәм Саўдаға көмеклесиў компаниясы менен биргеликте қоңсы мәмлекеттиң Мозори Шариф қаласында үлкен саўда орайының жумысы жолға қойылды. Енди аўғанстанлы қарыйдарлар Өзбекстанда ислеп шығарылған заманагөй, сапалы ҳәм исенимли электротехника өнимлерин тиккелей ислеп шығарыўшылардың өзинен сатып алыў имканиятына ийе.

    Ашығын айтсам, биринши күнниң өзинде-ақ миллий товарларымызға қызығыўшылық үлкен болды. Себеби, мәмлекетте электрон ҳәм турмыслық техника өнимлерине талап жыл сайын артып баратырғаны, әсиресе, халықтың тийкарғы бөлеги жасайтуғын қалалар ҳәм саўда орайларында үлкен базарды пайда еткен. Миллий өнимлеримиз бенен бул талапты тәмийинлеў менен бирге, мәмлекет базарындағы ең исенимли брендлерден бири сыпатында орын ийелеўди мақсет еткенбиз. Бул арқалы экспорт көлемин арттырамыз. Өткен жылы Аўғанстан базарына 1 миллион долларлық электротехника өними экспорт етилген болса, усы жылдың ақырына шекем бул көрсеткишти 10 миллион долларға жеткериў мөлшерленген. Жақсы қоңсышылық сиясаты, шегаралардың ашылыўы ҳәм кеңейип атырған бирге ислесиў оған жол ашпақта.

    Миллий өнимлер ушын жаңа майдан

    “UZELECTRONICS” мульти-бренд саўда орайы ушын Мозори Шариф таңланғаны бийкарға емес. Себеби, ҳәзирги ўақытта бул қала халықтың үлкен бөлеги жасайтуғын аймақлардан бири болып, ири саўда қатнасықлары әйне усы жерде әмелге асырылады. Бул жерде қарыйдарлар ағымы көп болыўы менен бирге, саўда шериклерин табыў ушын да қолайлы. Өзбекстан электротехника санаатының ҳәр қыйлы брендлерине тийисли товар ҳәм хызметлердиң бир жерде жәмленгени болса таңлаў ҳәм миллий өнимлеримиз бенен танысыў имканиятын арттырады.

    Жаңа саўда орайы улыўма 1200 квадрат метр майданда жайласқан. Ол жерден үлкен-киши турмыслық техникадан баслап, заманагөй турмыслық электроника ҳәм электротехника үскенелерине шекем табыў мүмкин. Тийкарғысы, өнимлер турақлы жаңаланып барылады. Бул болса қарыйдарларға және де кеңирек таңлаў имканиятын жаратады.

    - Жергиликли исбилерменлеримизде Өзбекстан өнимлерине қызығыўшылық үлкен, - дейди Аўғанстан саўда ҳәм инвестициялар палатасының баслығы Худайназар Валий. - Жаңа саўда орайының ашылыўы болса өз-ара бирге ислесиў ушын қолайлық жаратады. Бурынлары Өзбекстанда жүдә сапалы өнимлер ислеп шығарылатуғыны ҳаққында еситкенбиз. Бүгин өзимиз оған гүўа болып турмыз. Өнимлер ҳақыйқатында да жүдә сапалы. Енди аўғанстанлылар усы жердиң өзинде қәлеген түрдеги электротехника өнимин сатып алыўы мүмкин. Иран ямаса Қытайға барып, өним алып келиўге зәрүрлик қалмады. Өзбекстанлы басқа да исбилерменлерди де бирге ислесиўге шақырамыз. Себеби, бүгин мәмлекетимизде жыллар даўамында қойылған тосқынлықлар алып тасланып, экономикалық белсендилик артып атыр. Бундай шараятта инвестицияларға талап та, имканият та үлкен. Мәмлекетимиз базарында Өзбекстан өнимлериниң үлеси артып атырғанынан қуўанышлымыз.

    Миллий өнимлеримиз Аўғанстан базарына әдеўир алдын кирип барғаны сыр емес. Товарларымыз мәмлекет халқына жақсы таныс. Көпшилик адамлар өнимлерден пайдаланып та көрген. Сапа ҳаққындағы пикирлери болса унамлы.

    - Өзбек электротехника өнимлери аз электр жумсайды, сапасы жоқары ҳәм беккем. Баҳалары да қолайлы. Усы жылдың өзинде өзбек брендиндеги төрт электротехника өнимин сатып алдық. Ашығын айтыў керек, олар Қытай ҳәм Пакистан брендлерине салыстырғанда бир қанша сапалы екенине гүўа болдық. Сол себепли, жаңа саўда орайына келип, бир кир жуўиў машинасы ҳәм бир ҳаўа суўытқыш сатып алдым. Өзим Мозори Шарифте жасағаным себепли, бул жерде усындай орай ашылғанынан қуўандым, - дейди аўғанстанлы Муҳаммад ҳожи Башир.

    Жергиликли исбилерменлеримиз де Аўғанстан базарында электротехника өнимлерине талап үлкен екенине гүўа болмақта. “UZELECTRONICS” мульти-бренд саўда орайы болса әне усы талапқа жараса усыныс бериў имканиятын жаратты. Тийкарғысы, бул тек ғана көргизбе майданы емес, ал турақлы жумыс алып баратуғын ҳәм ири саўда әмелге асырылатуғын үлкен орай болып есапланады. Бул жерде сатыў менен бирге, сапалы сервис ҳәм сатыўдан кейинги хызметлер де жолға қойылған.

    - Ашығын айтқанда, Аўғанстан базарына тәўекел етип кирдик. Узақ жыллар даўамында бул базар бизге жабық сыяқлы көрингени ушын, дәслеп еки ойлы болды, - дейди Өзбекстандағы “PREMIER” компаниясының ўәкили Шуҳрат Комилов. - Бирақ өнимлер тийелген биринши жүк машинасын алып киргенимизде-ақ Аўғанстанда сапалы өнимлерге талап жоқары екенин көрдик. Мәмлекетте жүз берип атырған раўажланыў себепли экономикалық бирге ислесиўге кең жол ашылған. Қалаберди, өнимлеримиз бул жерде бираз өтимли. Дәслепки үйрениўлеримизге бола, олар сырт ел брендлеринен қалыспайтуғыны, баҳалары қолайлы екени белгили болды. Сол себепли, әсте-ақырын бул базарға кирип атырған өнимлеримиздиң санын арттырып, түрин жаңалап бармақтамыз. Бүгинги күнге шекем 500 мың долларға шамалас өним экспорт еттик. Бул көрсеткишти еки есеге арттырыў имканиятымыз бар. Ҳәзир соның ҳәрекетиндемиз.

    Экспортқа үлес

    Аўғанстанда Өзбекстан өнимлерин сататуғын саўда орайының ашылыўы, ашық айтыў керек, тарийхый ўақыя болып есапланады. Себеби, жыллар даўамында бул мәмлекет базарына жабық система сыпатында, қалаберсе, қорқыныш пенен қараған. Бирақ шегаралар ашылып, өз-ара дослық ҳәм исеним беккемлениўи артынан саўда-экономикалық қатнасықлар да кеңейип бармақта.

    Басқа тәрептен, Өзбекстанның және бир жаңа базарға исенимли кирип барғаны, саўда орайын ашып, миллий брендтеги өнимлерди сатыўды жолға қойғаны үлкен қәдемлерден. Бул елимиздиң экспорт көлемин арттырыў, жергиликли исбилерменлерди қоллап-қуўатлаўға қаратылған жедел ҳәм заманагөй көзқараслардан бири болып есапланады. Усы жыл 1-декабрь күни мәмлекетимиз басшысы экспорт потенциалын арттырыў ҳәм исбилерменлердиң мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўын әпиўайыластырыў бойынша таярланған презентация менен танысып, бул бағдардағы ҳәрекетлерди жеделлестириў зәрүр екенлигин атап өткени соннан.

    Өзбекстан 2030-жылға шекем экспорттың баҳасын 45 миллиард долларға жеткериўди мақсет еткен. Бул көрсеткишке ерисиў ушын дәстүрий базарлар менен шекленбестен, жоқары маржалы жаңа базарларға кириў, сыртқы базарларда саўда көлемин арттырыў белгиленген. Сырт елде ашылып атырған Өзбекстан саўда үйлери ҳәм орайлары болса экспортты арттырыўға сезилерли үлес қоспақта.

    Мозори Шарифте иске қосылған “UZELECTRONICS” мульти-бренд саўда орайының және бир әҳмийетли тәрепи сонда, өзбек товарларын қоңсы мәмлекет базарына жеткерип бериў менен бирге Аўғанстанда ислеп шығарылған өнимлерди де мәмлекетимизде үгит-нәсиятлаў нәзерде тутылған.

    Ҳәзирги ўақытта тап усындай мульти-бренд саўда орайын Қабул ҳәм Ҳирот қалаларында ашыў бойынша да жумыслар баслап жиберилген.

    Ирода ТАШМАТОВА,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates