Туризм - киши қаржы есабынан көплеген жумыс орынларын
жарататуғын, дәраматларды көбейтип, аймақлардың келбетин жақсылайтуғын әҳмийетли
тараў. Ташкент қаласы бул бағдарда үлкен имканиятларға ийе.
Атап айтқанда, бул потенциалдан толық пайдаланыў мақсетинде
Мырза Улығбек районында бир қатар жойбарлар әмелге асырылмақта.
"Өзбекстан ҳаўазы" көшесинде әмелге асырылған
қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары елимизде туризм ҳәм хызмет көрсетиў
тараўын раўажландырыўға қаратылып атырған айрықша итибардың әмелий көриниси
болды.
Бул жойбар Президентимиздиң 2022-жыл 30-апрельдеги
"Ишки туризм хызметлерин диверсификациялаў бойынша қосымша илажлар
ҳаққында"ғы қарары тийкарында әмелге асырылды.
Объект 2025-жыл сентябрьде реконструкциядан кейин
пайдаланыўға тапсырылған болып, жойбар Россияның «City Makers» ҳәм "Люди Архитектс"
бюролары тәрепинен ислеп шығылған.
Көшениң улыўма узынлығы 2,1 километр. Бул жерде заманагөй
инфраструктура жаратылған. Атап айтқанда, кең пиядалар ҳәм велосипед жоллары
қурылып, халық ҳәм туристлер ушын қолайлы шараятлар жаратылған.
Аймақта селфи ушын фотоаймақлар, ашық спорт майданшалары,
биоҳәжетханалар, сондай-ақ, шаңарақлық дем алыў орынлары, балалар ушын экоаймақлар
ҳәм арқан бағ шөлкемлестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы көше менен танысып, заманагөй усылда
оңланған турақ жайларды, тәртипке келтирилген көшелерди, халық ушын жаратылған
шараятларды көзден өткерди.
Жойбардың улыўма баҳасы 40 миллиард сум. Көшеде 165 саўда
шақапшасы жумыс алып бармақта. 89 исбилерменлик субъекти күни-түни жумыс
ислеўге өтти. Сондай-ақ, 2 мың 221 жаңа жумыс орны жаратылған.
Усы жерде Президентимизге Ташкент қаласының туризм ҳәм
гастрономия көшелеринде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат
берилди.
Атап өтилгениндей, 2025-жылы пайтахтымызда жәми 26 көше
күни-түни жумыс ислеўге өткерилген. Бул мақсетлер ушын 540 миллиард сум қаржы
ажыратылды. Нәтийжеде 1103 жаңа саўда ҳәм хызмет көрсетиў объекти
шөлкемлестирилди, 315 кәрхана күни-түни жумыс баслады, 26 сырт ел брендиниң
жумысы жолға қойылды.
Бул экономикалық көрсеткишлерге унамлы тәсир көрсетти.
Көшелерде ҳәр қыйлы хызметлерден пайдаланыўшылардың саны күнине 80 мыңнан 200
мыңға шекем көбейди, 6 мың адамның бәнтлиги тәмийинленди.
Усы жылы және 18 жаңа туристлик көше шөлкемлестирилип, 500
объект иске қосылатуғыны, 7 мыңға шекем жумыс орны жаратылатуғыны айтылды.
Президентимиз жуўапкерлерге Мырза Улығбек районында
гастрономиялық туризм көшелерин және де көбейтиў, бар имканиятларды толық иске
қосыў, хызметлердиң сапасын арттырыў ҳәм жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге
асырыў бойынша анық көрсетпелер берди.