Бул ҳаққында Axios
басылымы
мәлим етти.
Хабарда айтылыўынша, ушырасыў шемби күни Пакистан аймағында
болып өтиўи күтилмекте. Бирақ Иран мәмлекетлик ғалаба хабар қураллары бундай
сөйлесиўлер режелестирилмегенин мәлим етти.
АҚШ ҳәкимшилигине бола, бул сапар етиў соңғы күнлерде төменлеп
кеткен дипломатиялық процесслерди жанландырыў ҳәм келисимге ерисиў ушын
имканият жаратыўға қаратылған. Ақ үй баспасөз хаткери Каролин Левитттиң атап
өтиўинше, Иран тәрепи сөйлесиўлерге қызығыўшылық билдирмекте ҳәм АҚШ басшылығы
дипломатияға имканият бериўге таяр.
Соның менен бирге, Иранның ИРНА ҳәм Тасним мәлимлеме
агентликлери ҳәзирше АҚШ ўәкиллери менен тиккелей ушырасыў режелестирилмегенин
билдирди.
Мағлыўматларға қарағанда, Аббас Арақчи жума күни кеште
Исламабадқа жетип келген ҳәм Шаҳбоз Шариф ҳәм басқа да рәсмийлер менен
ушырасыўлар өткериўи режелестирилген. Бул сөйлесиўлерде АҚШ пенен сөйлесиўлерди
қайта тиклеў мәселеси де додаланыўы мүмкин.
Ҳәзирги ўақытта, итималлы ушырасыў қашан болып өтиўи анық
болмай қалмақта. Айырым дереклерге бола, сөйлесиўлер дүйшемби күнине
қалдырылыўы мүмкин.
Атап өтилиўинше, АҚШ вице-президенти ЖД Венс бул сапарда қатнаспайды, бирақ зәрүрлик туўылса, сөйлесиўлерге
қосылыўға таяр болып қалады.
Қәнигелердиң пикиринше, бул ушырасыў итималлы келисим
жолындағы әҳмийетли қәдем
болыўы мүмкин, бирақ тәреплер арасында қарама-қарсылықлар елеге шекем сақланып
қалмақта.