Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы экономикалық байланысларды беккемлеўге қаратылған еки тәреплеме бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары додаланды. Әмелге асырылып атырған биргеликтеги жойбарлар, ҳәр қыйлы тараўлардағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў перспективаларына айрықша итибар қаратылмақта.
АҚШ пенен экономикалық байланысларды тереңлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилип, санаат, пайдалы қазылмалар, инвестициялар ҳәм саўда сыяқлы әҳмийетли тараўларда шерикликти раўажландырыўға қызығыўшылық билдирилди.
Керол Миллер, өз гезегинде, Өзбекстанның жаңа қоспа жойбарларды әмелге асырыў ҳәм еки мәмлекеттиң экономикалық базасын беккемлеўге қаратылған ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара пайдалы басламаларды әмелге асырыў мақсетинде сөйлесиўди даўам еттириў ҳәм бирге ислесиўди жеделлестириўге таяр екенлигин билдирди, деп хабар береди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети.