Тарийхшы Феруза Рустамованың атап өтиўинше, саяхатшы Бадахшан кәнлеринен табылған ҳәм Бухара ханынан сатып алған еки баҳалы тас, бириншиси 830 каратлық, екиншиси 870 каратлық баҳалы тасты да усынған. Оның сөзлерине бола, Россия патшасы усы баҳалы таслар ушын 7 мың фунт стерлинг бериўди усыныс еткен. Бирақ саяхатшы разы болмаған.
Жәмийет хаткери Дидечи саўға ушын саяхатшыға миннетдаршылық билдирип, оған Россия патшасы усыныс еткен баҳадағы қаржы төленетуғынын айтады. Сол жылдың өзинде Василио Ватаче усыныс еткен карта қәнигеге үйренип шығыў ушын тапсырылады, кейин болса Короллик география жәмийетиниң картограф илимпазы Джон Сенекс тәрепинен басып шығарылады. Бул карта Орта Азияның Уллы Британияда басып шығарылған биринши картасы болды.
Саяхатшы Василио Ватачениң Европа илиминиң алдына қойған тийкарғы ойлап табыўы сонда, ол Орта Азияда Арал теңизиниң бар екенлигин Европаға биринши мәрте танытты. Оған шекем Арал теңизи де Каспий теңизиниң бир бөлеги ямаса буғазы деп есапланған. Ол Арал теңизин үш мәрте пияда айланып шығып, оны өз картасына түсирген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.