Усы жылдың 17-апрель күни райондағы «Найманкөл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 12 ҳәм 15-санлы улыўма билим бериў мектеплерине заманагөй, толық автоматластырылған суў тазалаў үскенелери орнатылып, пайдаланыўға тапсырылды. Усы мүнәсибет пенен шөлкемлестирилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы А.Атажанов, «LATMA-ADED» шөлкеминиң ўәкиллери, мәҳәлле белсендилери, нуранийлар ҳәм муғаллимлер қатнасты.
Бул үскенелер арқалы усы аймақта жасайтуғын 6732 халық, 50 педагог ҳәм 301 оқыўшы таза ишимлик суўы менен тәмийинленди. Бул болса пуқаралардың денсаўлығын сақлаў ҳәм балалар ушын қәўипсиз орталық жаратыўда үлкен әҳмийетке ийе.
Жойбар Аралбойы халықаралық инновация орайы менен биргеликте әмелге асырылмақта. Буннан алдын, Мойнақ районындағы 7-санлы мектепте де усындай суў тазалаў үскенелери орнатылған еди.
Бундай ийгиликли басламалар халықтың турмыс дәрежесин жақсылаўға, саламат турмыс тәризин тәмийинлеўге хызмет ететуғыны сөзсиз.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.









