Атом энергетикасы тараўындағы жумыслар бойынша мәлимлеме берилди

    Президент Шавкат Мирзиёев 10-февраль күни атом энергетикасы тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм келешектеги әҳмийетли ўазыйпалар бойынша мәжилис өткерди.

    Халық ҳәм экономика тармақларының өсип баратырған талабын тәмийинлеў ушын мәмлекетимизде энергетиканың барлық дәреклери иске қосылмақта. Дәстүрий генерациядан тысқары, соңғы жыллары дерлик 4 гигаваттлы альтернатив қуўатлықлар иске қосылды ҳәм "жасыл" энергия үлеси 16 процентке жетти.

    Келеси бес жылда және 25 гигаваттлы қайта тиклениўши энергия дәреклери қурылады. Булардың есабынан жылына 64 миллиард киловатт саат "жасыл" энергия алынады. Улыўма етип айтқанда, 2030-жылға барып, елимизде жәми генерацияда "жасыл энергия"ның үлесин 50 проценттен арттырыў мақсет етилген.

    Ҳәзирги ўақытта санлы технологиялар, электромобиллер, электр үскенелер, жасалма интеллект, майнинг сыяқлы тармақлардың раўажланыўы энергияға болған талапты кескин арттырмақта. Соның ушын көплеген мәмлекетлер жаңа түрдеги энергия қуўатлылықларына өтиў жолларын излемекте. Жер астынан қазып алынатуғын жанылғылар өз орнын қайта тикленетуғын дәреклерге босатып бермекте. Бүгинги күнге келип, дүньядағы жәми генерацияның 42 проценти альтернатив энергия болып есапланады.

    Узақ жыллық қуўатлықларды қурыўда атом энергетикасы оптимал есапланады. Ҳәзирги күнде дүньяда 375 гигаваттлы 417 атом реакторлары ислетилип атыр. Және жаңа станциялар қурылмақта, көп мәмлекетлер атом энергетикасын өзиниң раўажланыў стратегиясына киргизбекте.

    Мәмлекетимизде уран резерви бар екенлигинен пайдаланып, узақ мүддетке мөлшерленген қуўатлылық шөлкемлестириў режелестирилген. Атап айтқанда, киши қуўатлылықтағы реакторлар қурыў жойбары ислеп шығылды. 2024-жыл 5-декабрьде Самарқанд қаласында атом энергиясынан пайдаланыў мәселелери бойынша халықаралық конференция өткерилди.

    Мәжилисте жуўапкерлер атом энергетикасын раўажландырыў бойынша исленип атырған жумыслар бойынша мәлимлеме берди.

    Мәмлекетимиз басшысы болажақ станция ҳәм системада ислейтуғын қәнигелерди ҳәзирден таярлаў, қәўипсизликти Халықаралық атом энергиясы агентлигиниң талаплары дәрежесинде тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берди. Бундай технологиялар экономиканың бәсекиге шыдамлылығын арттырып, узақ мүддетли өсиў пәтлери ушын мүнәсип тийкар жарататуғыны атап өтилди.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates