Scat авиакомпаниясы Өзбекстан қалаларына жаңа рейслерди жолға қоймақшы

    24 қараша 2025 341

    Қазақстанның SCAT Airlines авиакомпаниясы декабрь айынан баслап "Ҳазрет Султан" (HSA) халықаралық аэропортынан Өзбекстанның үш қаласы - Үргенш, Бухара ҳәм Самарқандқа тиккелей пәрўазларды жолға қояды.

    "Түркстан - Үргенш - Түркстан" жөнелиси бойынша пәрўазлар 2025-жыл 1-декабрьден баслап жолға қойылады. Пәрўазлар дүйшемби, жума ҳәм екшемби күнлери әмелге асырылады.

    "Түркстан - Бухара - Түркстан" жөнелиси бойынша тиккелей авиақатнаўлар усы жылдың 2-декабрьинен баслап ҳәптениң шемби, пийшемби ҳәм шемби күнлери әмелге асырылыўы режелестирилген.

    Усы жылдың 3-декабрьинен баслап "Түркстан - Самарқанд - Түркстан" жөнелиси бойынша турақлы рейслердиң жолға қойылыўы режелестирилген. Пәрўазлар сәршемби, жума ҳәм екшемби күнлери әмелге асырылады.

    Жаңа жөнелислердиң иске қосылыўы Қазақстан ҳәм Өзбекстан арасындағы транспорт қамтып алыўын кеңейтеди ҳәм регион қалалары арасындағы саяхатты және де қолайластырады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates