Бул ҳаққында ўәлаят ИИБ хабар берди.
Атап өтилиўинше, ўақыя Тамдыбулақ АПЖ жанында, жолдың 167-168-километрлери аралығында жүз берген.
"Зарафшан-Наўайы" жөнелиси бойынша ҳәрекетленип киятырған "Zhong Tong" маркалы автобустың 39 жаслы басқарыўшысы 17 жыллық стажы бар Ш.Х. басқарыўды жоғалтқан. Нәтийжеде автобус жолдың оң тәрепине шығып кетип, аўдарылып кеткен.
Дәслепки мағлыўматларға бола, автобуста 47 жолаўшы болған.
Жол-транспорт ҳәдийсеси ақыбетинде еки жолаўшы алған жарақатлары себепли сол жерде қайтыс болған. 9 пуқара ҳәр қыйлы дене жарақатлары менен емлеўханаларға жатқарылған.
Ҳәзирги ўақытта бул жағдай бойынша Наўайы ўәлаяты Ишки ислер басқармасы тәрепинен тергеўге шекемги тексериў жумыслары алып барылмақта.
"Ҳәдийсениң барлық жағдайларын анықлаў, жәбирленгенлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына зәрүр жәрдем көрсетиў, аўыр ақыбетлерге ҳуқықый баҳа бериў илажлары көрилмекте", делинеди хабарда.