Ҳаяллар арасындағы Жәҳән чемпионаты 2031-жылдан баслап 48 командаға көбейтиледи

    Парагвай пайтахты Асунцион қаласында ФИФАның 75-Конгрессы болып өтти. Онда ӨФА биринши вице-президенти Равшан Ирматов басшылығындағы Өзбекстан футбол ассоциациясының ўәкиллери де қатнасты.

    Күн тәртибинен ФИФА Тәртип-интизам комитети, Этика, Апелляция, Басқарыў, Аудит ҳәм Муўапықлық комитетине ағзаларды сайлаў, ағза ассоциациялар ҳәм Кеңес тәрепинен киргизилген усынысларды додалаў, футболда расалыққа қарсы глобал позицияны беккемлеў ҳәм ФИФАға ағза болған ассоциациялардың усынысларын додалаў мәселелери орын алды. Конгрессте ФИФА Ҳаял-қызлар арасындағы Жәҳән чемпионаты 2031-жылдан баслап 48 командаға кеңейтилетуғыны тастыйықланды.

    ФИФА президенти Жанни Инфантино жаңа форматтағы ФИФА Жәҳән чемпионатлары ҳаққында сөз етип, турнирлер тарийхтағы ең ҳәр қыйлы жарыслар болатуғынын атап өтти. Бул - көпшилик командаларға халықаралық майданда өз имканиятларын көрсетиўге ийтермелеў есапланатуғыны, бул өзгерислер болса футболды және де ғалаба ен жайдырыў ҳәм ҳәр бир континентке және де үлкен имканият бериў мақсетинде исленип атырғаны атап өтилди.

    Футбол дүньяны бирлестиреди. Бул ойын тек ғана қуўаныштың дәреги болыўы керек. Футболды раўажландырыўда барлық аймақларды қамтып алыўымыз керек. Бул бизиң жуўапкершилигимиз - глобаллық футбол жәмийетшилигиниң ўазыйпасы, деди ФИФА президенти.

    Конгресс даўамында усы жылы болып өтетуғын клублар арасындағы ФИФА Жәҳән чемпионаты ҳәм кейинги жылы өткерилетуғын миллий сайланды командалар арасындағы Мундиал ҳаққында да сөз болды.

    Күн тәртибине бола, ФИФАның 76-Конгрессиниң 2026-жыл 30-апрель Канаданың Ванкувер қаласында өткерилиўи белгиленди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates