Өзбекстан Республикасы Гидрометеорология хызмети агентлигиниң хабар бериўинше, 9-декабрь күни Ташкентте ҳаўа-райы өзгерип турады, жаўын-шашын болмайды. Түнде ҳәм азанда думан түсиўи мүмкин. Жолларда музлық пайда болады. Арқа-шығыстан секундына 3-8 метр тезликте самал еседи. Түнде 6-8, күндизги ўақытлары 0-2 градус суўық болады.
Қарақалпақстан Республикасында ҳаўа-райы өзгерип турады, жаўын-шашын болмайды. Айырым жерлерде думан түсиўи мүмкин. Арқа-шығыстан секундына 7-12 метр тезликте самал еседи. Түнде 8-13, күндизги ўақытлары 2-7 дәреже суўық болады.
Хорезм ўәлаятында ҳаўа-райы өзгерип турады, жаўын-шашын болмайды. Айырым жерлерде думан түсиўи мүмкин. Арқа-шығыстан секундына 7-12 метр тезликте самал еседи. Түнде 6-11, күндизги ўақытлары 0-5 градус суўық болады.
Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятларында ҳаўа-райы өзгерип турады, жаўын-шашын болмайды. Айырым жерлерде думан түсиўи мүмкин. Арқа-шығыстан секундына 7-12 метр тезликте самал еседи. Түнде 5-10 градус, күндизги ўақытлары 3 градус суўық, 2 градус жыллы болады.
Ташкент, Самарқанд, Жиззақ ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында ҳаўа-райы өзгерип турады, жаўын-шашын болмайды. Айырым жерлерде думан түсиўи мүмкин. Жолларда музлық пайда болады. Арқа-шығыстан секундына 7-12 метр тезликте самал еседи. Түнде 5-10 градус, күндизги ўақытлары 3 градус суўық, 2 градус жыллы болады.
Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында ҳаўа-райы өзгерип турады, жаўын-шашын болмайды. Айырым жерлерде думан түсиўи мүмкин. Жолларда музлық пайда болады. Арқа-шығыстан секундына 7-12 метр тезликте самал еседи. Түнде 3-8 градус суўық, күндизги ўақытлары 2-7 градус ыссы болады.
Әндижан, Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятларында ҳаўа-райы өзгерип турады, жаўын-шашын болмайды. Айырым жерлерде думан түсиўи мүмкин. Арқа-шығыстан секундына 7-12 метр тезликте самал еседи. Түнде 5-10 градус, күндизги ўақытлары 3 градус суўық, 2 градус жыллы болады.
Республикамыздың таўлы аймақларында ҳаўа-райы өзгерип турады, жаўын-шашын күтилмейди. Айырым жерлерде думан түсиўи мүмкин. Арқа тәрептен есетуғын самал өз бағдарын өзгертирип, арқа-шығыстан секундына 7-12 метр тезликте еседи. Түнде 13-18, күндиз 5-10 градус суўық болыўы күтиледи.
Әҳмийетли ўақыялар
Усы жылдың 8-11-декабрь күнлери Өзбекстан аймағына суўық ҳаўа массаларының кирип келиўи даўам етеди. Ҳаўаның температурасы түнде 5-10, күндизги ўақытлары 0-5 градус суўыққа шекем, арқада түнде 8-13, күндизги ўақытлары 2-7 градус суўыққа шекем пәсейеди, айырым жерлерде қар жаўады.
Айырым аймақларда самал тезлиги секундына 13-18 метрге шекем күшейиўи мүмкин.