Айырым студентлердиң өзлестириўи 80 проценттен өтсе, мәмлекетлик грант берилиўи мүмкин

    Ендигиден былай кәмбағал шаңарақ реестриндеги студентлердиң өзлестириў көрсеткиши 80 проценттен жоқары болса, кейинги оқыў жылы ушын мәмлекетлик грант ҳәм процентсиз кредит берилиўи режелестирилген.

    Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Мийнет, денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық мәселелер комитетинде "Социаллық қорғаў тараўындағы жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм 2025-жыл ушын тийкарғы ўазыйпалар" атамасында дөгерек сәўбети өткерилди.

    Онда Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң биринши орынбасары Шохрух Далиев системада әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мәлимлеме берди.

    Оған бола, енди кәмбағал шаңарақ реестриндеги студентлердиң өзлестириў көрсеткиши 80 проценттен жоқары болса, кейинги оқыў жылы ушын мәмлекетлик грант ҳәм процентсиз кредит берилиўи режелестирилген. Бул келешекте жаслар жетик қәниге болыўына тийкар жаратады.

    Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, 2024-жыл 1-декабрьден Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен Кәмбағал шаңарақлар реестри қәлиплестирилмекте.


    No date selected
    June 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates