Ушырасыўда Сирия тәрепи Орайлық Азия мәмлекетлери,
атап айтқанда, Өзбекстан менен байланысларды раўажландырыўға айрықша әҳмийет
қарататуғынын атап өтти, деп жазбақта "Дунё" МА.
Кейинги ўақытта еки мәмлекет арасындағы өз-ара пайдалы
байланыслар жеделлескени атап өтилип, сиясий сөйлесиўди беккемлеў ҳәм
саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиўден мәпдарлық билдирилди.
Тәреплер еки тәреплеме қатнасықлардың тийкарғы
бағдарлары бойынша пикир алысты. Атап айтқанда, Саўда-экономикалық бирге
ислесиў бойынша Өзбекстан - Сирия ҳүкиметлераралық комитетин шөлкемлестириў,
еки мәмлекет сыртқы ислер министрликлери арасында сиясий мәсләҳәтлесиўлер
механизмин қәлиплестириў ҳәм басқа да биргеликтеги илажларды әмелге асырыў
мәселелери додаланды.
Асад аш-Шайбоний Өзбекстан менен өз-ара пайдалы барлық
тараўларда бирге ислесиўди избе-из раўажландырыў әҳмийетли екенин атап өтти.
Усы мүнәсибет пенен Сирия тәрепи Өзбекстан тәрепинен алдынғы жылларда
көрсетилген жәрдем ҳәм қоллап-қуўатлаўды жоқары қәдирлейтуғыны атап өтилди.
Сирия тәрепи еки мәмлекет арасындағы қатнасықларды
буннан былай да жеделлестириўге таяр екенин билдирип, Өзбекстан тәрепинен бирге
ислесиўдиң ҳәр қыйлы бағдарлары бойынша алға қойылып атырған усыныс ҳәм
басламаларды көрип шығыў ҳәм әмелге асырыўға жәрдем бериўге таяр екенин атап өтти.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер Өзбекстан - Сирия
қатнасықларын сиясий сөйлесиў, жоқары дәрежедеги өз-ара сапарлар,
саўда-экономикалық бирге ислесиў, сондай-ақ, тәреплерди қызықтырған басқа да
бағдарларда буннан былай да раўажландырыўға таяр екенин тастыйықлады.