БАӘ туристлик компаниясы Ташкентте Орайлық Азия бойынша регионаллық офис ашыўды режелестирмекте

    Өзбекстан елшиси Абдулазиз Аққулов «Walks of Dubai» компаниясының бас директоры Муҳаммад Абдулмавло Муса Ҳамад пенен сөйлесиў өткерди.

    Ушырасыўда Өзбекстанның туризм потенциалын үгит-нәсиятлаў, бул бағдарда билим алып атырған студентлер ушын өз-ара сапарлар ҳәм әмелият бағдарламаларын шөлкемлестириў мәселелери додаланды, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

    Әмирликлер тәрепи Өзбекстанның бай мәдений, тарийхый ҳәм тәбийғый туризм потенциалын жоқары баҳалады. Усы мүнәсибет пенен усы жылдың 27-29-ноябрь күнлери болып өтетуғын "Жипек жолында туризм" Ташкент халықаралық туризм ярмаркасында арнаўлы павильон менен қатнасыў тилегин билдирди.

    "Сондай-ақ, Ташкентте компаниямыздың Орайлық Азия бойынша регионаллық офисин ашыўды режелестиргенбиз. Биз сапар даўамында Өзбекстанның ири туристлик компаниялары менен байланыслар орнатып, әмелий қәдемлерди баслаўға таярмыз. Буннан тысқары, Өзбекстанда туризм бойынша оқып атырған студентлер ушын Дубайда 15 күнлик әмелият шөлкемлестириўимиз мүмкин", - деди Муҳаммад Абдулмавла Муса Ҳамад.

    Тәреплер, сондай-ақ, БАӘдан Өзбекстанға туристлер ағымын көбейтиўге қаратылған реклама илажларын биргеликте шөлкемлестириў, кадрлар таярлаў тараўында билимлендириў ҳәм әмелий бағдарламаларды биргеликте ислеп шығыўға келисип алды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates