баннер
10 Apr 2025
09:18

    Бабур туўылған күниниң 542 жыллығына бағышлап илимий-әмелий конференция өткерилди

    14 Fevral 2025 97

    Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде уллы шайыр, энциклопедист, алым, мәмлекетлик ғайраткер ҳәм шебер сәркарда, бабамыз Заҳириддин Муҳаммед Бабур туўылған күниниң 542 жыллығына бағышланған илимий-әмелий конференциясы өткерилди.

    Илажды университеттиң жаслар мәселеси ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры С.Алаўатдинов ашты ҳәм басқарып барды.

    Илажда Өзбек филологиясы факультети Өзбек тили ҳәм әдебияты кафедрасы доценти З.Кабулова «З.М.Бабур әдалатлы патша ҳәм уллы шайыр», Өзбек тил билими кафедрасы доценти Е.Оразбаев «Бабур шығармаларында арабша өзлестирилген сөзлер», Өзбекстан тарийхы кафедрасы ассистенти М.Талибаев «Орта әсирдиң белгили тулғасы» атамасындағы темалардағы баянатлары менен қатнасты.

    Илаж Өзбек филологиясы факультети студентлери ҳәм Нөкис қалалық «Темурбеклер мектеби» әскерий-академиялық лицейи оқыўшылары тәрепинен таярланған көркем шығыўлар менен даўам етти.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech