11 Apr 2025
20:00

    Баҳодир Жалолов ҳәм Отабек Холматов жеңиске еристи

    Қазақстанның Астана қаласында Top Rank промоутерлик компаниясы тәрепинен шөлкемлестирилген проф бокс кешеси жуўмақланды.

    Усы бокс кешесинде өзбекстанлы еки былғары қолғап шебери - аўыр салмақтағы Баҳодир Жалолов ҳәм ярым жеңил салмақ категориясында WBA белбеўи ушын бурынғы даўагер Атабек Холматов рингке көтерилди.

    Супер аўыр салмақ категориясындағы профессионал боксшимиз Баҳодир Жалолов украиналы Игор Шевазутскийге қарсы рингке көтерилди. 10 раунд етип белгиленген беллесиў толық даўам етти ҳәм жуўмағында Жалолов очколар есабына бола жеңиске еристи.

    Беллесиўдиң үшинши раундында Баҳодир қарсыласын нокдаун жағдайына салды.

    Бүгинги беллесиўдеги табыс арқалы 30 жасар Баҳодирдың жеңислери саны 15 ке жетти. Оның есабында ҳәзирше бирде-бир жеңилис ямаса теңбе-теңлик жоқ.

    Филиппин ўәкили Жейсон Каной Манигосқа қарсы гүрес алып барған Холматов қарсыласын сегизинши раундта нокаутқа ушыратты. Ўәклимиз беллесиў даўамында тәжирийбели қарсыласын избе-из соққылары арқалы бир неше мәрте қыйын жағдайға салды. Соның ишинде, ол төрт, алты ҳәм жетинши раундларда Жейсонды нокдаун жағдайына түсирип, карьерасындағы 13-жеңисин қолға киргизди.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech