Мәселен, балалардың ата-анасынан шағым етип, ҳуқық қорғаў уйымларына мүрәжат етиўи. Негизинде, ата-ананың балаға қатаңлығы, қадаған етиўлери де зорлық сыпатында көрилиўи, буның ушын жуўапкершилик белгилениўи, бала мәплери түсиниги қәдирлениўи саламат келешек ушын жүдә зәрүр.
Мәмлекетимизде 2026-2030-жылларға мөлшерленген Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў стратегиясы тастыйықланды. Бул стратегия зорлыққа қарсы системаны жетилистириў, жәбирленген балалар ҳәм шаңарақлар ушын социаллық хызметлер көлемин кеңейтиў, сондай-ақ, процесске заманагөй мәлимлеме технологияларының енгизилиўин тәмийинлеўи менен әҳмийетли.
Президентимиздиң 2025-жыл 24-декабрьдеги "2026-2030-жылларға мөлшерленген Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында"ғы пәрманына бола усы жыл 1-февральдан балаларға болған зорлыққа қарсы гүресиў системасын жақсылаў бойынша илажлар көриледи.
Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң бас қәнигеси Сардор Нусратовтың айтыўынша, пәрман, биринши гезекте, "Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў ҳаққында"ғы нызам ҳәм Өзбекстан Республикасының Богота ҳәрекетлер шақырығына қосылғаны ҳәм оның шеңберинде алған 10 миннетлемесиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылған.
Ҳүжжетке бола, бир қатар илажлар белгиленбекте. Соның ишинде, зорлықтан жәбирленген, өзине зорлық ислеў қәўпи астында турған және социаллық жақтан қәўипли жағдайдағы балаларға ҳәм олардың шаңарақларына ҳәр қыйлы социаллық хызметлер белгиленбекте. Атап айтқанда, профессионал тутынған шаңарақ хызмети әйне зорлықтан жәбирленген, зорлық қәўпи астында болған ҳәм социаллық жақтан қәўипли жағдайдағы балаларға шаңараққа жақын орталықта социаллық хызметлер көрсетиўге мөлшерленген. Балалар профессионал тутынған шаңараққа "Инсан" социаллық хызметлер орайлары ҳәм усы шаңарақлар арасында дүзилген шәртнама тийкарында 6 айға шекемги мүддетке жайластырылады. Профессионал тутынған шаңарақты шөлкемлестириўге талабанлар арнаўлы бағдарламалар тийкарында оқытылады. Себеби, бул зорлық нәтийжесинде балалардың психологиясындағы өзгерислер ҳәм де психоэмоционал жағдайды турақластырыўда әҳмийетли орын ийелейди. Профессионал тутынған шаңарақларға берилген ҳәр бир бала ушын нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте қаржы ажыратылады. Соның ишинде, тәрбиялағаны, балаға ғамхорлық көрсеткени ушын шаңарақларға мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының еки есеси муғдарында ақша бериледи.
Сондай-ақ, енди "Инсан" социаллық орайларында "Меҳрийбан шаңарақ" хызмети жолға қойылады. Бул хызмет түри зорлыққа ушыраған ямаса зорлық ислеў қәўпи астында болған ямаса социаллық жақтан қәўипли жағдайдағы балалардың ата-аналарына ямаса олардың орнын басыўшы шахсларға мөлшерленген.
- "Меҳрийбан шаңарақ" хызметине тартылған ата-аналарға (олардың орнын басыўшы шахслар) перзентлериниң психофизикалық өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда шаңарағы менен бузылған қатнасықларды тиклеў ҳәм олардың социалласыўына жәрдемлесиў ушын "шаңарақлық терапия" хызметлери бийпул көрсетиледи, - дейди Сардор Нусратов. - Тийкарғы мақсет балалар ҳәм ата-аналар арасында бузылған қатнасықларды тиклеў, жақсылаў, сондай-ақ, перзент тәрбиясында ата-ананың шеберлиги ямаса тәжирийбесин арттырыў. Олар ушын өз алдына бағдарлама ислеп шығылады. Бул бағдарлама тийкарында социаллық, психологиялық, ҳуқықый ҳәм зәрүрликке бола басқа да хызметлер көрсетиледи.
Балаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм социаллық бейимлесиў орайы шөлкемлестириледи. Оның ўазыйпасы зорлықтан жәбирленген, зорлық ислеў қәўпи астында болған және социаллық жақтан қәўипли жағдайдағы балаларға ҳәм олардың шаңарақларына көрсетилетуғын социаллық хызметлерди сапа жағынан жақсылаў және тиккелей балалар ҳәм шаңараққа хызмет көрсетиўден ибарат.
Соның менен бирге, нызамшылыққа балалардың ҳуқықларын қорғаўға қаратылған бир қатар жаңалықлар киргизилмекте. Соның ишинде, зорлыққа ушыраған балалар мәмлекет тәрепинен бийпул юридикалық жәрдем менен тәмийинленеди. Балаға зорлық оның шаңарақ ағзалары ямаса жақын туўысқанлары, ямаса улыўма туўысқанлары тәрепинен исленгенде, нызамлы ўәкил сыпатында ямаса баланың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў мақсетинде бағыўшылық ҳәм қәўендерлик уйымы ўәкилиниң мәжбүрий түрде процессуал ҳәрекетлерде, яғный сорастырыў, тергеў, суд процесинде қатнасыўын белгилеў нәзерде тутылады. Буннан тысқары, жынысый зорлыққа ушыраған балалар менен әмелге асырылатуғын жүзлестириў тергеў ҳәрекетин жетилистириў, бул тәртипти протокол тийкарында емес, қарар тийкарында белгилеў бойынша усыныс киргизиў нәзерде тутылған.
Стратегияға киргизилип атырған, 2030-жылға шекем мөлшерленген өзгерислерден мақсет миллий нызамшылығымызды балалардың мәпине қайшы келетуғын ямаса олардың ҳуқықларын шеклеўге қаратылған нормалардан тазалаў, яғный хатлаўдан өткериў ҳәм бул нормаларды бийкарлаў болып есапланады. Қалаберди, зорлық ушын белгиленген жаза илажларын күшейтиў ҳәм альтернатив мәжбүрлеў илажларын белгилеў, соның ишинде, балаларға жақын болған орталық жаратыў, атап айтқанда, суд, тергеў ҳәм сорастырыў уйымларында арнаўлы қәнигелерди таярлаў ҳәм олардың базасын қәлиплестириў нәзерде тутылған. Соның менен бирге, балалар менен тиккелей ислесетуғын ҳуқық қорғаў уйымлары, суд уйымлары, социаллық қорғаў хызметкерлери, адвокатлар ҳәм басқа да тараўлардың хызметкерлерин оқытыў режелестирилген.
Оқыў мәкемелеринде қәўипсиз билимлендириў орталығын қәлиплестириў ҳәм балаларға денсаўлықты сақлаў мәкемелери ямаса уйымы тәрепинен көрсетилетуғын медициналық хызмет ҳәм оның протоколларын қайта көрип шығыў белгиленбекте. Стратегияны әмелге асырыў шеңберинде бул бағдарда, яғный зорлық жағдайы, көрсетилетуғын хызметлер ҳәм келешекте жаңа социаллық хызметлерди жолға қойыў мақсетинде әйне халықаралық экспертлер, соның ишинде, ЮНИСЕФ экспертлери және жергиликли экспертлердиң қатнасыўында изертлеўлер өткериў нәзерде тутылған. Бул изертлеўлер келешекте әйне зорлық тараўы ҳәм оның алдын алыў бойынша кейинги мақсетлерди белгилеўге хызмет етеди. Зорлықтан жәбирленген, зорлық қәўпи астында болған ҳәм социаллық жақтан қәўипли жағдайдағы балалар ушын киши көлемли орайлар шөлкемлестирилмекте. Олар әйне 6-10 бала ушын шаңараққа жақын орталықта, мәҳәлле дәрежесинде болады. Өз алдына интеграция режеси ислеп шығылады ҳәм усы режеде белгиленген социаллық, ҳуқықый, психологиялық ҳәм "Инсан" орайындағы ресурслардан пайдаланған ҳалда билимлендириў, денсаўлықты сақлаў сыяқлы хызметлер де көрсетиледи.
Ҳәр бир шаңарақта балалардың ҳуқықлары тәмийинлениўи керек. Бул жолдағы ийгиликли ҳәрекетлеримиз, әсиресе, зорлықтан жәбир көрип атырған, көриўи мүмкин болған, айрықша меҳир ҳәм ғамхорлыққа мүтәж ул-қызлардың тәғдиринде, әлбетте, өз нәтийжесин көрсетеди. Жаңа стратегия болса турмысымызда қаншелли әҳмийетли орын ийелейтуғынын оның тийкарғы бағдарларының орынланыўында көрип барамыз.
Муножат МУМИНОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы