Судья жазыўларының саны 77-73, 77-74, 78-72. Бул ҳаққында Өзбекстан бокс федерациясының телеграм каналы хабар бермекте.
Солай етип, Баҳадыр профессионал рингде он алтыншы жеңисин қолға киргизди.
36 жаслы Виталий КУДУХОВ ушын бул избе-из үшинши жеңилис болды: ол 2023-жылдың 13-март күни Москвада Басир Абакаровқа, соң усы жылдың 6-сентябрь күни Челябинскте Георгий Юновидовқа бир даўыстан жеңилиске ушырады. Ол Россия чемпионатларының сыйлы орын ийеси, жаслар арасында жәҳән чемпионы (2006) есапланады.
Еки метрли Жалоловқа қарсы 185 см бойға ийе болған россиялы узақ аралықтан соққыға ушыраўдың нышанына айланбаў ушын биринши номерли боксшы болыўға мәжбүр еди. Виталий Кудухов буны түсинди ҳәм дәслепки үш раундта максимал дәрежеде жедел ҳәрекет етти, орта ҳәм жақын беллесиў аралығына жақынласыўға ҳәрекет етти.
Қоллары узын Жалолов ушын қарсыласын узақтан урыў қолайлырақ еди ҳәм ол ўақыяны кескинлестирмей әмелге асырды. Соның менен бирге Баҳадыр майда ҳийлелерден де қашпады, Виталди қоллары менен услап алатуғын еди. Нәтийжеде екинши раунд алдынан төреши Сергей Журкин "Баҳадыр, услама" деди. Бирақ үшинши раудттың ярымында: "Виталий, ийтерме", - деди.
Жалолов дәслепки раундларда алдынғы оң тәрепи менен басына, денесине апперкот пенен тәмийинленген жеб пенен қарсыласының демин алыўды тоқтатқан болса, төртинши раундта төменнен басына соққы бериўди сынақтан өткерди. Кудухов болса боксшы ушын әҳмийетли болған соққыларды услап турыў шеберлигин көрсетти, әсиресе аўыр салмақта.
Улыўма, еки боксшы да тренерлердиң көрсетпелерин ақырына шекем орынлады. Нәтийжеде Жалоловта жеңилиссиз сериясы даўам етти, Кудухов болса жығылмағанларын активке киргизиўи мүмкин, ақырына шекем мүнәсип гүрести.










