Баҳрейн-2025: жеңил атлетикашыларымыз 4 медалды қолға киргизди

    Спорт 24 қазан 2025 1643

    Жас өспиримлер арасында өткерилип атырған III Азия ойынларында Өзбекстан сайланды командасы және де сыйлы орынларды ийелеп келмекте. Жеңил атлетика бойынша өткерилген жарысларда спортшыларымыз 4 медаль - бир алтын, еки гүмис ҳәм бир бронза медалын қолға киргизди.

    Алтын - Назмина Раҳимжонова (1500 метрге жуўырыў).

    Гүмис - Муҳаммадазиз Носиров (тас ылақтырыў).

    Гүмис - Шаҳзодбек Холмуродов (үш мәрте секириў).

    Бронза - Шодиёна Раҳмонова (тосықлар арқалы 100 метрге жуўырыў).

    Бүгин Бахрейнде жас өспиримлер арасындағы III Азия ойынларының гезектеги беллесиўлер күни болып өтеди. Өзбекстанлы спортшылар бокс, муай-тай, аралас гүреслер (ММА), таэквондо WТ, жеңил атлетика, волейбол, футзал, гандбол, велоспорт ҳәм ат спорты жарысларында қатнасады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates