Бахтиёр Саидов АҚШ Мәмлекетлик департаменти ўәкиллери менен ушырасты

    2025-жыл 27-октябрь күни Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов АҚШтың Қубла ҳәм Орайлық Азия бойынша арнаўлы елшиси Сержио Гор ҳәм Мәмлекетлик хаткердиң биринши орынбасары Кристофер Ландау менен ушырасты.

    Ушырасыўда Өзбекстан - АҚШ күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша ашық-айдын, мазмунлы ҳәм конструктивлик руўхта пикир алысылды.

    Тәреплер еки тәреплеме қатнасықлар саўда ҳәм инвестициялардан баслап билимлендириў ҳәм инновацияларға шекемги барлық бағдарларда мисли көрилмеген пәтте раўажланып атырғанын атап өтти.

    Өзбекстан ҳәм Америка Қурама Штатлары Президентлери арасында ерисилген келисимлерди өз ўақтында ҳәм толық әмелге асырыў мәселелерине, сондай-ақ, ҳәр қыйлы дәрежедеги болажақ сөйлесиўлердиң перспективаларына айрықша итибар қаратылды.

    - Биз мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шерикликти буннан былай да беккемлеў ушын барлық имканиятларды иске қосыў бағдарында исенимли екенимизди және бир мәрте тастыйықладық, - деди Өзбекстан СИМ басшысы.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates