Өзлериниң миллий қәдириятларына садық қалған бүгинги жас әўлад та быйылғы байрамды «Қәдириятларың мәңги болсын–Наўрыз!» сүрени астында кең жәмийетшиликтиң қатнасыўында белгилемекте.
Атайы шабандозлар ҳәм палўанлар елаты болған Қараөзек районында да Наўрыз улыўмахалықлық байрамы көтериңки руўхта өткерилди.
Байрам салтанатында район ҳәкими Анвар Баймуратов аймақ халқын жыл басы есапланған Наўрыз бенен қызғын қутлықлап, быйылғы жылдың халқымыз ушын қолайлы ҳәм берекетли жыл болып келиўин тиледи.
Улыўмахалықлық сейилге айланған Наўрыз байрамында райондағы мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер, өнерментлер тәрепинен миллий тағамлар ҳәм буйымлар көргизбеси, ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған дәстүрлеримизди сәўлелендириўши үрп-әдет ҳәм салт-дәстүрлеримиз көрсетилип, бул өсип киятырған жас әўладларымыз бенен бирге, сырт елли мийманларда да айрықша тәсир қалдырды.
Өзлериниң ең жақсы өнерлерин көрсеткен мәкеме, кәрхана, шөлкем ҳәм жеке өнерментлер район ҳәкимлиги тәрепинен мүнәсип түрде хошаметленди.
Байрам илажында халқымыздың миллий спорт түрлеринен есапланған гүрес, тас көтериў, арқан тартыс, қошқар дүгистириў ҳәм қораз урыстырыў бойынша жарыслар өткерилип, жеңимпаз болған спортшылар баҳалы естелик саўғалары менен сыйлықланды.
-Бүгинги өткен гүрес беллесиўлеринде Қуралпа аўыл пуқаралар жыйынынан Абзатдин Алханов, қызлар арасында Меҳрибан Қыдырбаевалар бас байрақты жеңип алыўға миясар болды,-дейди Кураш федерациясының Қараөзек районлық бөлими баслығы Ерназар Камалов.
Наўрыз сейили районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған йошлы концерт бағдарламасы менен кеўилли даўам етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.