Илажды район ҳәкими И.Хидиров байрам қутлықлаўы менен ашты. Ол өз сөзинде жәмийетте өз-ара ҳүрмет, тилеклеслик ҳәм татыўлықтың әҳмийетине айрықша тоқтап өтти. “Қайсы жәмийетте татыўлық, дослық, өз-ара аўызбиршилик орнаған болса, раўажланыў, ел-журттың тынышлығы ҳәм елдиң абаданлығы ҳүким сүреди. Бүгин ҳәммемиз тыныш күнимизге, мол дастурханымызға шүкиршилик етип, аўызбиршиликли ҳәм туўысқан болған көп миллетли Өзбекстан жеринде жасап атырғанымыз бизлердиң бахтымыз екенлигин атап өтиўимиз керек,” – деди ҳәким.
Беруний районында 12 ден аслам миллет ҳәм халық ўәкиллери жасайды. Олар районның социаллық турмысында өз орнына ийе. Билимлендириў мәкемелеринде сабақлар өзбек, қазақ, қарақалпақ, түркмен ҳәм рус тиллеринде алып барылады. Миллетлераралық татыўлық тек ғана рәсмий байрамларда емес, ал турақлы түрде өткерилип атырған руўхый-ағартыўшылық илажлар арқалы да үгит-нәсиятланбақта, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.
Байрам мүнәсибети менен шөлкемлестирилген илажда түрли миллетке тийисли халық өзиниң дөретиўшилик шеберлигин көрсетти. Көргизбелер, қосықлар, аяқ ойынлар, художниклердиң шығармалары, шахмат ҳәм шашка жарыслары сыяқлы ҳәр қыйлы бағдарлардағы шығыўлар байрам кейпиятын және де көтерди. Миллий халық қосықлары ҳәм көркем өнер ғайраткерлериниң шығыўлары болса илажға өзгеше көтериңкилик бағышлады.
Өзбекстанда 130 дан аслам миллет ҳәм халық ўәкиллери биргеликте тыныш ҳәм аўызбиршиликте жасамақта. Олардың ҳәр бири елимиздиң раўажланыўына, ҳуқықый демократиялық мәмлекет қурыўға өз үлесин қоспақта. Олар улыўма үйимиз – Өзбекстанның раўажланыўы жолында пидәкерлик пенен мийнет етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.








