Илажда дәслеп Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Ресубликасының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Байрам илажын Тахтакөпир районы ҳәкими Жамбул Адилов кирис сөз бенен ашып, барлық әскерий тараў хызметкерлерин, ветеранлар ҳәм халқымызды байрам менен қутлықлады.
Буннан соң, районлық Қорғаныў ислери бөлими баслығы, подполковник Ж.Султанов ҳәм Әскерий инженерлик-қурылыс батальон командири, подполковник А.Орзиевлар сөзге шығып, ҳүрметли Президентимиз, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасының айырықша итибари менен тараўда ерисилип атырған жетискенликлерге кең түрде тоқталып өтти.
Байрам илажы даўамында бир қатар тараў пидайылары, мүддетли әскерий хызметкерлер район ҳәкимлигиниң Ҳүрмет жарлығы, сондай-ақ, жасларды әскерий Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларда белсендилик көрсеткен мектеп директорлары ҳәм арнаўлы пән муғаллимлери районлық Қорғаныў ислери бөлиминиң «Миннетдаршылық хаты» ҳәм баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.
Байрам илажы әскерий сахналық көринислер ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлериниң йошлы концерт бағдарламасы менен кеўилли даўам етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.