Бул ҳаққында 7-январь күни журналистлер ушын өткерилген турақлы брифингте Ақ үйдиң баспасөз хаткери Кэролин Ливитт мәлим етти.

Ливитттиң айтыўынша, Вашингтонның Гренландия үстинен толық қадағалаўы АҚШқа "Қытай, Россия ҳәм душпанларымыздың бул оғада әҳмийетли ҳәм стратегиялық регионда өз агрессиясын даўам еттире алмайтуғынына кепиллик бериў" имканиятын да береди. Және де көплеген абзаллықлар бар", - деп қосымша етти ол.

АҚШ президенти Дональд Трамп Гренландияның АҚШқа қосылыўы зәрүрлиги ҳаққында бир неше мәрте айтқан. Ол өзиниң биринши мүддетинде-ақ Гренландияны сатып алыўды усыныс еткен еди, 2025-жыл март айында болса Копенгаген бас тартқан жағдайда саўда бажыларын төлеў менен қорқытып, оны қосып алыў мүмкин екенлигине исеним билдирди. Дания бас министри Метте Фредериксен бул даўагерликлерди бийкарлап, атаў патшалықтың бир бөлеги екенин атап өтпекте.

Гренландия автономиялық аймақ сыпатында Дания қурамына киреди. 1951-жылы Вашингтон ҳәм Копенгаген НАТО бойынша аўқамласлық миннетлемелерине қосымша Гренландияны қорғаў ҳаққында Шәртнамаға қол қойды. Оған муўапық, АҚШ атаўды мүмкин болған агрессиядан қорғаў миннетлемесин өз мойнына алды, деп жазады tass.ru.