Быйыл да Наўрыз байрамы мүнәсибети менен өткерилген илажда миллий қәдириятларымыз және бир мәрте өз көринисин тапты. Миллий тағамлар ҳәм липаслар көргизбелери шөлкемлестирилди, сүмелеклер қайнатылды, халық ойынлары ойналып, айтыслар ҳәм қосықлар жаңлады. Бул илажлар байрамның берекетин ҳәм тартымлылығын және де арттырды.
– Наўрыз байрамы жақынласып киятырғаны мүнәсибети менен ҳәр бир көшемизде сүмелек сейиллери баслап жиберилди. Халқымыздың абадан турмысқа шүкиршилигиниң белгиси сыпатында үлкен қазанларда сүмелеклер қайнатылмақта, – дейди “Бостан” МПЖ баслығы Разыбийке Айтбаева. – Мүбәрек Рамазан айы мүнәсибети менен Президентимиздиң кем тәмийинленген шаңарақларға итибарынан мәҳәллемиздеги 200 ден аслам шаңарақлар айрықша миннетдаршылық пенен қабыллады. Бағыўшысынан айырылған ҳәм майыплығы болған шахслардың ҳалынан хабар алынды, оларға сақый исбилерменлеримиз тәрепинен азық-аўқат өнимлери, байрам саўғалары тарқатылды.
Жақынласып киятырған Наўрыз әййямы алдынан бундай илажлар республикамыздың басқа районларында да даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.